БЕРДАҚ БАБАМЫЗДЫҢ МИЙРАСЫНА ҲАҚ КЕЎИЛДЕ БОЛАЙЫҚ

Ғәрезсизликтиң шарапаты менен Бердақ десе қарақалпақларды, қарақалпақлар десе Бердақты түсинип, оны миллетимиздиң тымсалы ретинде қәстерлеп жүрмиз.
Уллы шайырдың дәўири бизден қанша узақласқан сайын, оның шығармаларындағы даналық ой-пикирлери, халық әрманы ҳәм мақсети менен үнлесип, сана-сезимимиздиң өсиўине, өзлигимизди билиўимизге, еркин ойлаўымызға, миллий қәдириятларымызды мақтаныш етиўимизге тийкар болып хызмет етпекте.
Сонлықтан Бердақтың ҳасыл мийрасларын толығы менен шөп-шардан тазалап, бурын баспадан шыққан топламларындағы былғасықларды, оқыўшыларды алжастырып жүрген қосымталарды аласлаўға жәмийетшилигимиз көптен бери қуштар еди. Бул арзыўды орынлаў пайыты, өткен жылы Бердақ шайырдың 190 жыллық юбилейине арналған оның топламын таярлаў ўазыйпасына туўра келди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси 2017-жыл 9-февральда, бул бойынша комиссия қурамын белгиледи. Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов (комиссия баслығы), Н.Айымбетов, Ж.Базарбаев, А.Пахратдинов, Қ.Жәримбетов, К.Оразымбетов, М.Нызанов, Б.Айтмуратов ағзалары, А.Альниязов комиссия секретары етип тастыйықланды. Комиссия ағзалары: К.Каримов, Ж.Базарбаев, Қ.Жәримбетов, М.Нызанов, Б.Айтмуратов ҳәм секретарь А.Альниязов қурамындағы топар 2017-жылдың март айынан баслап иске киристи.
Олар ең дәслеп Бердақтың шығармаларының толық жыйнағын таярлаў мақсетинде, оған тийисли болған барлық шығармаларының жыйнағын ҳәм Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң Гуманитар илимлерди изертлеў институтының таярлаған Бердақ шығармаларының текстин алып, Бердақтың ҳәр бир қосығын бурынғы топламлардағы нусқалар менен салыстырып таллады, гейпара қосықлардың қуны ҳәм оларды топламға киргизиў ҳаққында дискуссиялар болды. Бул исте архив материаллары жарамай, бурынғы алты китаптың ишиндеги ең дурысырағы ретинде, 1987-жылы Н.Дәўқараев атындағы тарийх ҳәм тил әдебияты институтының илимпазлары ҳәм 1997-жылы И.Юсупов пенен Ҳ.Хамидов тәрепинен баспада шыққан топламлар басшылыққа алынды. Ҳәр бир шығарма електен өткеннен кейин секретарға тапсырылды. Усылай етип комиссия 2017-жылдың ноябрь айына дейин қалыс хызмет етип, Бердақтың 83 шығармасын баспаға усынды.
Комиссия ағзалары китапқа алғы сөз жазып, оған бас редактор болыўды маған тапсырды. Мен, комиссия ағзаларынан қол жазбаны алып, тағы бир мәрте қарап шығып, кемис жерлерин дүзетип, бул топламның Қарақалпақстан ҳүкиметиниң ғамқорлығында таярлағанлығымызды, оның басқа топламлардан айырмашылығын, қайсы қосықлар түсирилип қалғанлығы ҳаққында 20 бет қол жазбаны, Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң «Илим» баспасының баслығы А.Альниязовқа тапсырған едим.
Ал, баспаның юбилейдиң ҳәўири басылғаннан соң алты айдан кейин жарыққа шығарған китабында топламды таярлаған комиссия ағзаларын көрсетпей, бул жумысты таярлаған А.Альниязов, А.Идирисов «Олар бөлим фундаментал китапханасының қол жазбалар фондында сақлаўлы нусқалар және бурын баспадан шыққан топламлар тийкарында ҳәм текстлер менен берилген түсиниклерди қайта қарап оқырманларға усыныўға ҳәрекет етти», деп бурын алты ай жумыс ислеген комиссия ағзалары сыртта қалды. Бизлерди (М.Нызановты алып таслаған) редколлегия ағзалары деп жазып, Н.Айымбетовты бас редактор деп жумыстың басына қойыпты. Топламды юбилейге ылайық етип таярлаўда ҳешқандай қатнасы жоқ Ж.Хошниязов ҳәм А.Идирисовлерди редколлегияға киргизипти. Комиссия мақуллаған 83 қосықты 70 ке қысқартқан, олардың келисимин алмай 3 бетлик мақаламды қондырған.
Топламның «Бердақтың айырым сөзлерине түсиниклер» деп аталған бөлиминде, ҳәмме жақсы билетуғын сөзлерди «түсиниксиз» деп жәриялаған. Белгили илимпаз, Қәлли Айымбетов Бердақтың 1950-жылғы топламын таярлағанда, шайыр шығармаларының ишинен 33 түсиниксиз сөз тапқан болса, жаңаша илим изертлеў «усылларынан» пайдаланып 570 түсиниксиз сөз таўып, бул сөзлердиң санын дерлик 20 есеге көбейткен. Солай етип Бердақтың шығармаларында түсиниксиз сөзлер көп екен деп таўып, Бердақтың «Мениң сөзим халықтың сөзи» деген тастыйықлаўына нуқсан келтирген.
Топламдағы бул түсиниксиз сөзлер қайдан шыққан, қайсы тилден кирген екен деп изертлеп қарасақ, олардың дерлик ҳәммеси қарақалпақ тилинде ушырасатуғын түсиникли сөзлер екенлиги белгили болды. Олардың көпшилиги қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде берилген екен. Ашынарлысы, ана тилимиздеги: «зағара, зайып, запыран, ашна, әлем, аяқ жер, бақ, бәлентлер, қәлпе, бийўақ, қамар, делбе» деген Бердақтың сөзлери ҳәзирги қарақалпақларға түсиниксиз деўге боларма екен!
«Датқа айтыў» дегенди «өсек айтыў» деп, оның арыз айтыў екенлигин, «кәламды» хат деп түсинип, оның «калам таухид», бир Алла ҳаққындағы тәлиймат екенлигин, «мардан» дән ушын исленген ыдыс деп, оның балықшылардың қоржыны екенлигин билмеген. Ал, мойнына ала жип салыў дегенди тентиреў, қайыршылық деп, оның адам басына аўырманлық түскенде, мойнына ала жип салып қудайға жалбарыныўы екенин оқымаған, ямаса «Әлейҳиссалам» деген сөзди «аспанға минип ушқан ат» деп пайғамбарымыздың уллылығына, яғный «Мухаммед әлейҳиссалам» деген атына нуқсан келтирген ҳәм сол сыяқлы бир қанша қәтелерди Бердаққа таңып, оның мийрасларын надурыс талқылаған.
Топламды архив материалларынан таярладық деп билдирген. Бердақтың шығармалары жөниндеги материалларды бизден бурын, өткен илимпазлар нешше мәрте ақтарып, алты мәртебе топлам етип шығарғаны, онда ҳешқандай жаңа нәрсе жоқ екени белгили болса да, китапта архивтиң ийиси шығып турсын дегендей шайырдың барлық топламлардағы «Сықмар екен» деген қосықтың атын «Мурдар екен» деп бир гәпти қосқан.
Редакция қурамы Бердақ шығармаларын шөп-шардан тазалағанда, оның «Маған керек» деген қосығына қапталдан кирип кеткен:
«Бүлбүл гүлге, ашық ярға, Қуўанысып шад болса бәрҳа, Мениң мүсәпир халқыма, Жайнап жаснар заман керек» деген куплетти ҳешбир дәректен таба алмай қарақалпақша топламға киргизбеген едик. Бул қосық негедур өзбекше топламға киргизилген.
Топламдағы бирқатар кемшиликлерге анықлық киргизиў ушын, мен топламның бас редакторы академик Н.Айымбетовке ҳәм академик Б.Назаровқа июнь айында хат жолладым, бирақ елеге дейин жуўап ала алмадым.
Бизлер, комиссия ағзалары Бердақтың бул топламынан кеўлимиз толмады. Сонлықтан «күйгеннен күй шығады» дегендей өз ойымызды жәмийетшиликке билдириўди мақул көрдик.
Ж.БАЗАРБАЕВ,
академик.