ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дене мәденияты факультети студентлери азанғы дене шынықтырыў илажында

Институтымызда ҳәр бир күн студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың азанғы дене шынықтырыўлары менен басланбақта. Бунда ҳәр дәслепки академиялық саат басланыўынан 5 минут алдын ҳәм ең соңғы сааттан кейин 5 минут даўамында организм ушын пайдалы шынығыўлар, ҳәрекетлер әмелге асырылмақта.

Дене мәденияты факультети студентлери де ғалабалық саламатлық илажларына белсене қатнасып, азанғы дене шынықтырыўларды орынламақта.