ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ТашПМИ Нөкис филиалында академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллық юбилейине арналған ушырасыў болып өтти

Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы мәжилислер залында академик Ж.Базарбаевтың 85 жыллығына арналған ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўға академик Ж.Базарбаев, ТашПМИ Нөкис филиалы директорының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары М.Қутлымуратов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультети деканы М.Сарыбаев, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы А.Ембергенов ҳәм кафедра ассистент-оқытыўшысы Ж.Үсенов, сондай-ақ, ТашПМИ Нөкис филиалы жәмийетлик пәнлер кафедрасы баслығы А.Муратбаева, филиал профессор-оқытыўшылары және студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыў кешесин филиалдың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары М.Қутлымуратов ашып берди ҳәм басқарып барды. Илажда ТашПМИ Нөкис филиалы жәмийетлик пәнлер кафедрасы баслығы А.Муратбаева академик Ж.Базарбаевтың өмири, илимий изертлеў жумыслары ҳәм жәмийетлик жумыслардағы атқарған хызметлери ҳаққында баянат жасады.

Буннан соң академик пенен ушырасыў қатнасыўшылары өз ара сораў-жуўаплар тийкарында сәўбетлести, пикир алмасты.

Илаж академиктиң илимий дөретиўшилик мийнетлериниң көргизбеси менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.