ТҮРКИЙ ХАЛЫҚЛАРДЫҢ УЛЛЫ ТУЛҒАСЫ
Шыңғыс Айтматов шығармалары қарақалпақ тилинде
(1928-2008)
Быйылғы жылы пүткил дүнья белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың 90 жыллығын кең түрде белгилейди. Усыған байланыслы әдебият ҳәм көркем өнер тараўында исленген иләжлар ҳәм алды турған ўазыйпалар ҳаққында биз Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының агзасы жазыўшы ҳәм дилмаш Алпысбай СУЛТАНОВ пенен сәўбетлестик.
-Биз сизиң рус классик әдебиятының дүрданаларынан Л.Н.Толстой, А.П.Чехов, И.Бунин, шет ел әдебиятынан В.Гюго, С.Цвейг, О.Генри, А.Доде, С. Моэм, Д.Лондон шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарғаныңыздан хабардар едик. Сизге қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов шығармаларын аўдарыўға не нәрсе түртки болды. Сол ҳаққында айтып берсеңиз?
-«Өзбекстанның бүгинги абыройы-оның дүньяға исенимли қәдем менен шығып атырғанлығы менен характерленеди. Дүньядан үзилип қалған халық, миллет яки әдебият ҳешқашан раўажланбайды» деген еди белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов.
Ҳәр бир жазыўшының өзинше дөретиўшилик жолы болатуғыны мәлим. Деген менен ХХ әсирдеги Орта Азия халықлары әдебиятында Ш. Айтматовтың орны өз алдына, тарийх ҳәм социология илимлериниң докторы, академик Р. Рахманалиевтың төмендеги пикирлери оның пүткил дүньялық даңқын көз алдымызға айқынырақ елеслетеди:
«Таўлар ҳәм саҳралар шексизлигиниң перзенти Айтматов, жаратылысты сол қәлпинде көрсете отырып, инсаният данышпанлығының бәрше әпиўайы ҳәм көп қырлылығын өзине жәмледи. Егер ҳәзирги әсирде дүньяның әдебий шыңын Т.Манн, Ж.П.Сартр, Дж.Джойс, М.Бруст, Б.Шоу (Европа), У.Фолкнер, Э.Хемингуэй (Арқа Америка), К.Л.Борхэс, Г.Маркес (Латын Америкасы), Р.Тагор (Хиндистан), Ю.Мисима (Япония), Н.Махфуз, Х.Джебран, Султан аль Увейс (Араб дүньясы) сыяқлы тулғалар белгилесе, енди турк дүньясы, Әлишер Наўайыдан дерлик 500 жыл соң, жер жүзлик олимпке Шыңғыс Айтматовты шығарды».
Демек, қырғыздың бул уллы жазыўшысының дөретпелери менен қарақалпақ китап оқыўшыларын кеңнен таныстырыў үлкен саўап ис болады. Мен қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың поэтикалық прозасын көбирек унатаман. Оны ХХ әсир әдебиятында түркий тиллес халықлардан шыққан философ-жазыўшы деп тән алар едим. Шыңғыс Айтматов ҳаққында гәп болғанда мениң ядыма дәрҳал Өзбекистан қаҳарманы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың:
Еки Шыңғыс жаўлап алды елимди,
Биреўин мен жек көремен өлгенше,
Екиншисин ашып жүрек төримди,
Сағынаман, асығаман көргенше,-деген қосық қатарлары түседи. Шайыр поэзиясында келтирип өткен-биринши Шыңғыс-ол пүткил инсаниятқа зулымлық көрсетип, дүньяның тең ярыман жаўлап алған-монғол ҳүкимдары Шыңғысхан, екинши Шыңғыс-аты әлемге белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов еди.
Ибрайым шайыр айтқандай, мен де Шыңғыс Айтматов шығармалары менен жаслығымнан таныс болдым. Оның повестьлериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармаларын мектеп оқыўшысы күнлеримде китапханадан алып оқый басладым. Студентлик дәўирде жазыўшының шығармаларына деген ҳәўесим бетер ояндыды. Ол гезлерде мен Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетинде тәлим-тәрбия алып атырған едим. Бирақ ырасын айтыўым керек, ўақыттың өтиўи менен сол қырғыз жазыўшының шығармаларын қарақалпақ тилине аўдараман деген өй-қыял мениң геллеме кирип те шықпағана еди.
Бул ўақыя күтилмегенде, тосаттан жүз берди. Мениң аўдармаға қол урыўыма Россияға өзиниң илимий жумыслары менен сапар шегип кеткен бир достымның Санкт-Петербург қаласынан Ш.Айтматовтың «Тавро Кассандры» атлы философиялық романын маған саўға ретинде әкелип бериўи себепши болды. Бул китап қолыма түсиўден оны мен қолтықлаўым менен Айтматовтың аўдармашысы, Узакбай Пиржановтың алдына жетип бардым: «Жаңалық, Шыңғыс Айтматовтың жаңа романы баспадан шығыпты, дәрҳал аўдарың!-дедим мен қуўанышым қойныма сыймай, қолымдағы китапты оған берип атырып. Ол киси сабырлылық пенен китапты ашып көрип, бираз ўақыт көзден өткерип турды да: «Иним, соңғы гезлери мениң денсаўлығым жақсы емес, жас минип, шаршаған болсам керек, буны аўдарғандай менде мүмкиншилик жоқ, бул ийгиликли исти өзиң қолға ал, саған исенип тапсырғаным, бул сениң қолыңнан келеди»,-деди мени хошәметлеп.
Узақбай ағаның гәплери мени әптен руўхландырып жиберди. Оның рухсаты менен мен дәрҳәл қолыма қағаз-қәлем алдым да, жедел иске киристим. Китапқа жазыўшының «Кассандра таңбасы» романы ҳәм «Шыңғысханның ақ булты» повести киргизилген екен. Дүньялық үлкен абыройға ийе жазыўшының романын дәрҳал аўдарыўға жүрексинбей, китаптың ишиндеги көлеми жағынан ықшам повестьти қайта-қайта оқып, кейин тәўекел етип, аўдарыўға бел байладым. Нәтийжеде мениң аўдармамда жазыўшының ўақтында «Әсирге татырлық күн» («Боранлы бәндирги») романына кирмей қалған «Шыңғысханның ақ булты» қыссасы «Әмиўдәрья» журналында жәрияланды. Бул ўақытта Шыңғыс Айтматовтың бул шығармасы өзбек тилинде еле шықпаған еди. Сонлықтан қарақалпақша аўдарманы авторға тез жеткериў мақсетинде Қарақалпақстанда тәлим-тәрбия алып, илимпаз болып жетискен жерлесимиз, соңғы гезде Қырғызстанға жумысқа өткен жазыўшы, философия илимлериниң кандидаты, доцент Салый Садықовтан «Шыңғысханның ақ булты» қыссасының «Әмиўдәрья» журналында жәрияланған нусқаларын Бишкекке берип жибердим. Ол гезлери Шыңғыс Айтматов шет елде елши хызметин атқаратуғын еди.
Арадан көп ўақыт өтпей мениң атыма арнаўлы хат келди. Онда қырғыз тилинде:
«Хүрметли Алпысбай Султанов! Сизиң Салый ағайдан берип жиберген Шыңғыс Айтматовтың қарақалпақ тилине аўдарылған мийнетиңизди алдым. Қырғыз баўырларыңыздың атынан Сизге шын жүректен терең ырзашылық билдиремиз. Аўдармаларды Қырғызстан сыртқы ислер министрлиги арқалы Қырғызстан Жазыўшылар аўқамына, Ш. Айтматовтың өзине берип жибериўге ҳәрекет етемиз. Сизге үлкен шығармашылық ислериңизде жаңа беккем денсаўлық тилеймиз.
Қырғыз Республикасының Өзбекстандағы елшисиниң Кеңесшиси: Ибраимов Калыл. 16.04. 2001 ж.» делинген екен.
Бул хат мени әптен йошландырып жиберди. «Тавро Кассандры» романын қарақалпақшаға тез аўдарыўға киристим. Лекин, тилекке қарсы, журнал бул шығарманы басыўға асықпады. Себеби оның бетлери таныс-билислик арқалы келип қалған басқа аўдармалар менен бәнт еди. Мен «Кассандра таңбасы»ның басылыўын талап етип бара бергеннен кейин редакция романдағы космос монахы Филофейдиң Рим папасына жазған хатынан ибарат дәслепки бөлимин ғана баспақшы болды. Үзинди болса да, шыққаны мақул, деп нәйиләж буған келисим бердим. Мақсетим-қарақалпақ оқыўшысын Шыңғыс Айтматовтың философиялық мазмундағы әжайып романы менен тез арада таныстырыў еди. Себеби космос монахы Филофейдиң Рим папасына жиберген хаты романның тийкарғы өзеги болып табылар еди: «Мен туўылыўға, яғный жақты дүньяға шығыўға қарсылық көрсетип атырған эмбрионды анықлайтуғын таңба-белги таптым. Бул таңба-белгиси ҳәмледар ҳаялдың пешанасында кишкене дақ сыяқлы болып көринеди. Мен бул белгини-Кассандра таңбасы деп атадым, ал усындай қарсылық белгисин билдиретуғын нәсилди, Кассандра эмбрионы деп атадым…»
Мине усы тақылеттеги оқыўшыны таң қалдыратуғын үзинди жәрияланып атырған ўақытта журнал басшылығында өзгерис болды. «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы лаўазымына Халила Дәўлетназаров келди. Ол романды толық түрде жәриялаўдың тәрепдары екенлигин билдирди. Нәтийжеде романның аўдармасының кейинги бөлимлерин тез әкелип бериўди меннен талап етти ҳәм жыл даўамында шығарманы толығы менен басып, оқырманларға инәм ететуғынын айтты.
Енди билсем, мен романды жәриялаўда бираз асығыслыққа жол қойған екенмен. Себеби русшаны жақсы биледи-ғо деп, аўдарма исине института бирге оқыған курслас достым, филология илимлериниң қандидаты Қазақбай Сапаровты араластырған едим. Бул мениң ең үлкен қәтешилигим болып шықты. Оның менен «Игорь полки ҳаққында жыр»ды аўдарыўда бирге ислескен шайыр Ҳ.Айымбетов бул инсанның атын аўдармашыға қоспай, тек те пикир билдириўши деп қойғаны, ал Ги де Мопассанның «Әзизим»ин аўдарғанда жазыўшы К. Алламбергеновтың басылымда оның атын да атамағаны енди маған түсиникли болды.
Шынында да, көркем шығарманы сөзбе-сөз (подсторочный) аўдарған адамның аты басылымда жазылмағаны дурыслыққа келер екен. Бурын ислеспесең билмейсең-ғой, ҳешким менен дөретиўшилик ислеримде соавтор болмайтуғын мен тилши менен әдебиятшының парқы аспан менен жердей екенлигин соң түсиндим. Аўдарманы жәриялаў процесси буны айқын көрсетти. Ол рус тилин билгени менен көркем аўдармаға келгенде олақ болып шықты. Оның келиспейтуғын қолжазбаларын қайта әўдарып, тийкарғы нусқа менен салыстырып тексерип, шыжбайлап, мүшкилимди әптен көбейтип алдым. Соннан кейин аўдарма басылған журналдың дәслепки бир санында ғана оңың атын ҳүрмет жүзесинен көрсетпекши болдым. Лекин журналдың техредакторының ҳәм бизиң шалағайлығымыз нәтийжесинде оның аты журналдың соңғы санында да басылып кетипти.
Бул аўдарманың журнал варианты еди. Китап етип шығарыўда буны түп тийкарынан дүзетиў талап етилди. Сонлықтан аўдарманы қайта қолға алдым. Бул гезлери роман қырғыз, өзбек ҳәм басқа да тиллерге аўдарылып, интернетте жарық көрди. Соннан кейин мен романның бул туркий тиллердеги аўдармасын алдыма жайып отырып, салыстырып, русшадан аўдарылған қарақалпақша вариантын қайта дүзетип шықтым. Русшасында жиберилип, китап түриндеги түркий басылымларда алып тасланған, яки болмаса, қосылған эпизодларына айрықша итибар бердим. Нәтийжеде романның журнал вариантынан пүткиллей өзгеше аўдармасы баспаға таярланып, шығарма «Ақырзаман нышанлары» деген ат пенен «Билим» баспасына усынылды.
Жоқарыда айтып өткенимдей, бул еки шығарма да «Әмиўдәрья» журналында жарық көрди, лекин қәрежет мәселеси шешилмей, елеге шекем өз алдына китап болып шығыў мүмкишлигиги болмай атыр. Енди уллы қырғыз жазыўшысының 90 жыллық мерекеси мүнәсибети менен жоқары оқыў орынлары қәўендерлик етип, «Кассандра таңбасы» ҳәм «Шыңғысханның ақ булты» қыссасына қәрежет таўып берип, баспадан шығарар деген үмитте жүргенимди жасыра алмайман.
Дөретиўшилик жумыс деген бир кийели ис ғой. Бул қыйыншылықлар мениң ушын иркиниш бола алмады. Көп узамай мени қуўандыратуғын ўақыя жүз берди. 2006 жылы Москвадағы «Дружба народов» журналында Шыңғыс Айтматовтың «Таўлар қулаған мәҳәл» романы жәрияланып, ол 2007 жылы Санкт-Петербург қаласындағы «Азбука-классика» баспасынан китап болып басылып шықты.
Мен бул романды интернеттен алдым да, дәрҳал аўдарыўға киристим. Шығарма «Әмиўдәрья» журналында жәрияланды. 2017 жылы «Билим» баспасы оны әжайып китап етип басып шығарды. Усы жерде Ш.Айтматовтың «Таўлар қулаған мәҳәл» романын өз есабынан шығарған «Билим» баспасына айрықша миннетдаршылығымды билдирип өтпекшимен.
-Сизиң қырғыз-қарақалпақ әдебий байланыслары, соңың ишинде қарақалпақ прозасында Шыңғыс Айтматовтың поэтикалық дәстүрлери мәселесине бағышланған илимий мақалаларыңыз бенен таныстық. Соған қарағанда сиз бул илимий изертлеўлер менен арнаўлы түрде шуғылланған болсаңыз керек?
-Дурыс, мен Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып, рус тили ҳәм әдебияты қәнигелигин ийелегеннен кейин, Ташкент жоқары партия мектебин тамамлаған маған жоқары сиясий билимге ийе сиясатшы деген диплом берилген еди. Сонлықтан 2000 жылдан баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында устазлық ете басладым. Мен институттың рус топарларына «Сиясаттаныў», «Философия» пәнлеринен сабак бердим. Сол дәўирде пединститута «Қарақалпақ әдебияты» кафедрасын белгили жазыўшы, филология илимлериниң докторы, профессор Қонысбай Камалов басқаратуғын еди. Бир күни ол мени шақырып алып, «Алпысбай иним, мен саған диссертациялық бир тема беремен, рус тилин питкерген екенсең, сен соны жақсылап изертле» деди.
Бул «Қарақалпақ прозасында Ш.Айтматовтың поэтикалық дәстүрлери» деген тема еди. Мен буған жедел кирисип кеттим. Тилекке қарсы, жумысты жазып болғанымда Қонысбай аға тосаттан қайтыс болып қалды. Қол суўыды қалды. Қайттан илимий басшы излеп жүрдим. Кейин бул илимий жумысымды филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Кәримбай Қурамбаевтың мәсләҳати менен «Билим» баспасынан китап етип шығардым. Онда мен Ш.Айтматов ҳәм қарақалпақ жазыўшылары К.Султанов, Т.Қайыпбергенов, Ш.Сейтов, У.Пиржанов, С.Салиев, С.Баҳадырова, К.Камалов, Г.Есемуртовлалардың шығармаларының поэтикалық типологиясын қырғыз жазыўшысының дөретиўшилиги менен салыстырма түрде изертлеген едим.
-Баспа сөз бетлеринде сизиң «Ш.Айтматов Бердак ҳаққында», «Ш.Айтматов ҳәм қарақалпақ киносы» деген мақалаларыңыз шықты. Булардың жазылыў тарийхы ҳаққында азы-кем сөз етсеңиз?
Белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың бизиң классик шайырымызға берген баҳасы айрықша әҳмийетли орын ийелейди. Бердақтың 150 жыллық мерекеси иүнәсибети менен шайырдың Нөкисте өткерилген әнжүманына пүткил жер жүзи халықлары әдебиятының танымалы ўәкиллери қатарында қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов та шақырылған еди. Туўысқан қырғыз халқынан шыққан атақлы сөз зергериниң Бердақ Ғарғабай улының дөретиўшилигине берген туңғыш баҳасы мине усы дәўирге тийисли.
«Талантлы қарақалпақ халқының уллы демократ шайыры Ғарғабай улы Бердақтың аўыр тәғдири, қайтпас поэзиясы, оның өз елиниң азамат улы болғанлығы жөнинде ойлағанымда пүткил әтирапымда көз жетпес қумлы шөл, жүрип жете алмас шексиз дала, көзди аштырмайтуғын ыссы самал ҳүким сүрген саҳрада нешше мың тамыры жерге сиңип, тәбияттың бул зулым ҳүкимине төтепки берип ғана қоймай, қасарысып көрик алып, айналасына көлеңке берип өскен көп жыллық шынар терек көз алдыма келеди» (Бердақ. Өмур ырлары. Фрунзе. Қығызстан. 1980. 5 бет.) деп жазған еди ол.
Қырғыз илимпазы Абдылдажан Акматалиев айтқандай, көп миллетли туўысқан халықлар әдебиятының бийбаҳа мийрасларының бири болған Бердақ шығармаларын қырғыз оқыўшыларына нәсиятлаўда Шыңғыс Айтматовтың үлеси уллы. (А.Акматалиев. Ч.Айтматов Жана боордаш элдер әдабияты. Фрунзе. «Илим». 1998, 18 бет.) Ол қырғыз жазыўшыларынан бириншилерден болып қарақалпақ әдебиятына дыққат аўдарды. Бердақтың Фрунзе қаласында (ҳәзирги Бишкек) қырғыз тилинде шыққан «Өмир жырлары» атлы шығармалар топламына «Қумлы шөлдеги шынар терек» атлы алғы сөз жазды. Қарақалпақ классикалық әдебиятының байтереклериниң бири болған Бердақ Ғарғабай улының шығармалары менен танысып, ол ҳаққында мынандай пикирлер жүргизди:
«Бердақ пенен бизиң Тоқтағулдың өмири, поэзиясы және тәғдири бири-бирине соныңдай дәрежеде үнлесип турады. Өйткени олардың екеўи де, теңдей мийнеткеш халықтың қатарынан шығып, екеўи де теңдей өз елиниң хош ҳаўаз бүлбиллери болған. Бердақ та бизиң Тоқтағулдай өз дәўириниң толық келбетин ашып бериўи менен әдебиятта үлкен абырой-атаққа ийе болады» (Айтматов Ч. Кум чолдогу чынар терек. Бердах. Өмур ырлары. Фрунзе. Кырғызстан. 1980, 5 бет).
«…Қырғыздың Алатаўының шоққылары көп. Олардың биреўлери бийик болса, биреўлери оннан да бийик, халқымызда усы бәлент шоққыларды «туғ шоққы», яғный «туў шоққысы» деп атайды. Бердақ та көп миллетли туўысқан халық әдебиятының шоққысының бири» -дейди Шыңғыс Айтматов өзиниң киноинтервьюинде. Ол бул сөзлерди тек экран ушын емес, Қарақалпақстан халық художниги Қәўендер Бердимуратов ушын да айтты. Себеби, ол бул гезлери жазыўшының қарсы алдында отырып, оның портретин полотноға түсирмекте еди.
Бул ўақыя 1977 жылы жүз берди. Қырғызстан Республикасының пайтахты Фрунзе (ҳәзирги Бишкек) қаласында «Қарақалпақфильм» киностудиясының дөретиўшилик топары-режиссер-оператор Эльдар Мамедов, картина директоры Батырбек Дилмуратовтың қатнасыўында «Бердақ» фильми ушын сүўретке алынған бул фрагмент ҳәзир киножылнама болып қалды.
Мине оннан берли де арадан жыллар өтти. Жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың роман, повесть ҳәм публицистикалық шығармалары менен қарақалпақ китап оқыўшылары кеңнен таныс болды. Оны қарақалпақ тилине аўдарыўда белгили шайыр ҳәм жазыўшы Узақбай Пиржанов пүткил талантын, жазыўшылық уқыбын ҳәм шеберлигин жумсап, айрықша белсендилик пенен хызмет етти. «…Шыңғыс Айтматов түркий халықлар романшылығының келбетин уллы орыс тилинде жарқын сәўлелендире алған жазыўшы…» деген еди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов.
Түркий әдебиятымыздың бундай дүрдана шығармаларын халықтың кең қатламына жеткизип бериўде киноның атқаратуғын хызмети өз алдына. Қырғызстан киношылары ХП халық аралық Ташкент кинофестивалы қарсаңында жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың «Әсирге татырлық күн» романы тийкарында «Боранлы бәндирги» фильмин сүўретке алған еди. Бул кинокартина Өзбекстан Республикасы пайтахтында үлкен әнжүман күнлеринде қойылып, ондағы қаҳарманлардың трагедиялық турмысы кино тамашагөйлерге терең тәсир етти. Бул кинолента «Қарақалпақфильм» киностудиясында қарақалпақ тилине аўдарылып, оған белгили дубляж режиссеры Таласбай Әбдиреймов дилмашлық етти. Фильмге Қарақалпақстан халық артисти Бегебай Алланиязов ҳәм талантлы сахна шебери Мәрияш Исмайловалар ҳаўаз берди. Биз оны кино экранлары ҳәм телевидение арқалы ана тилимизде көриў мүмкиншилигине ийе болдық.
Ш.Айтматов шығармалары қарақалпақ сахнасында да қойылған болса керек?
-Дурыс. Шыңғыс Айтматов қәлемине тийисли «Ана-Жер-Ана» драмасы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрында сахналастырылыған. Онда халық артисти Айымхан Шамуратова Толғанай ролин шебер атқарып шыққан. 2008 жыл-Қырғызстанда «Ш.Айтматов жылы» деп дағазаланды, соған байланыслы Бишкекте Айтматовқа арналған жержүзлик форум өткерилди. Буған Карақалпақстаннан Жас тамашагөйлер театры мирәт етилди. Ол гезде бул театрдың директоры Жолдасбай Турдымуратов еди. Бундай үлкен әнжүманға бос бара алмайсаң ғой, ақыры. Сол мүнәсибет пенен Сапар Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры маған Ш.Айтматовтың бир шығармасы тийкарында спектакль жазып бериўди өтиниш етти. Мен «Әсирге татырлық кун» романы ҳәм «Шыңғысқанның ақ булты» повестиниң мотиви бойынша «Қурсаў» атлы драма жаздым. Оны сахналастырыў ушын Қырғызстанның Ош театрынан Абдирахман Абдуназаров деген, Швецияда, Норвегияда спектакль қойған тәжирийбели, оғада талантлы режиссер келди. Бизлер бирге ислестик. Спектакль жүдә сәтли шықты, ол еки ай даўымында сахнадан түспей қойылып турды. Кейин театр жәмәәтиниң Бишкеке барўына қәрежет таўылмай, театр жержүзлик форумға қатнаса алмай, актерлардың пысы қурып қалды. Режиссер қоңыраў етип: «спектакльдиң рекламасы күнде Бишкекте телевидениеден берилип, афишаларда турыпты, тез жетип келиң», деп зарланып атыр… Сонда театр актер ҳәм актрисалары өз қалтасынан жол крейлерин төлеп бармақшы болды. Лекин олардың интасын жоқарыда қоллаған бир жан болмады.
Соныңдай мүмкиншилик быйыл да келип тур. Ҳәзир ТЮЗ жәмәәти спектакльди қайта тиклемекши болып, пьесаның текстин ядлап жүрипти. Режиссер Абдирахман Абдуназаров та бирге ислесиўге разы. Бирак театр жәмәәтиниң буны шығатуғын сахнасы жоқ. Театрдың таза имараты еле пайдаланыўға берилмей атыр. Ал Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театры болса, маған буйыртпа берип, режиссер, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Бердибай Өтебаевтың басшылығында «Шыңғысханның ақ булты» драмасын сахналастырыўды қолға алды. Ҳәзир репитиция қызғын кетип атыр. Жазыўшының 90 жыллық юбилейи қарсаңында бул спектакль сахнаға шығып қалар деген үмиттемиз.
-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет. Сизге дөретиўшилик ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!
Сәўбетлескен: Илья ДИЛЬМАНОВ,
филология илимлериниң кандидаты, доцент.