ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мийнет дәптершеси бийкар етилсе усындай дәптерше менен жумыс ислеп атырғанлар не ислейди?

Өзбекстанда 2019-жылдан баслап бурынғы Аўқам ўақтынан берли қолланыўда болып киятырған және бир керексиз ҳүжжет жүргизиў әмелияты тоқтатылады. Қаржы министриниң орынбасары Дилшод Султонов журналистлер менен болған сәўбетлесиўде усы ҳаққында мәлим етти. Оның сөзлерине қарағанда, 2016-жылы басланған процесс келеси 2019-жылы даўам еттириледи, деп жазады Kun.uz.

«Мийнет дәптершелерин бийкар етемиз. Аўқам дәўиринен қалып қойған, ҳеш кимге керек болмаған нәрсе. 2016-жылы бул бойынша жумысларды басладық, 2019-жылы даўам еттиремиз. Президенттиң тапсырмасы тийкарында электрон базаға өтиледи. Қәлеген пуқара 5 жылдан кейин келип, паспорт номерин киргизсе, жумыс стажына байланыслы мағлыўматларды алады», — деп анықлық киргизди Қаржы министриниң орынбасары.

Оның анықлық киргизиўине қарағанда, мийнет жолын енди баслап атырғанлар ушын мийнет дәптершеси түсиниги болмайды. Оларға бул ҳүжжет жүргизилмейди. Буның нәтийжеси олар 2050-2055-жыллары пенсияға шығып атырғанда билинеди. Мийнет дәптершеси барлар болса, оны жүргизиўде даўам етеди.

«Алдынлары мийнет дәптершеңе стаж жазып беремен, деген гәплер болар еди. Енди бундай нәрселерге орын жоқ. Кимсиз, қай жерде ислегенсиз, қанша мүддет ислегенсиз, буның парқы болмайды. Пенсияға шығып атырғаныңызда, айлық мийнет ҳақыңыз нызамлы болған, салықларды ўақтында төлеген болсаңыз, соған жарасықлы пенсия аласыз. Сондай-ақ, қандайда бир шөлкемде ислеп атырғаны ямаса ислемейтуғынына байланыслы мағлыўматнама да талап етилмейди. Базадан барлық мағлыўматты алыў мүмкин болады», — деди Султонов.

 

Ислам Матеков.