Баслаўыш тәлим кафедрасы доценти студентлер турақ жайында жаслар менен ушырасыў өткерди
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшысы, доцент М.Ембергенова 2018-2019-оқыў жылында руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумысларын алып барыў жобасы тийкарында студентлер турақ жайында жаслар менен ушырасыў өткерди.
Илажда тийкарғы мәселе студентлердиң бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириўге бағдарланды. Доцент жасларды оқыўдан бос ўақытларда институт көлеминде шөлкемлестирилген ҳәр қыйлы дөгереклерге қатнасыўға, өнер сырларын және тил үйрениўге, сондай-ақ, илимий басшылары менен бирге илимий излениўлер алып барыўға шақырды.
Факультетте шөлкемлестирилген, студентлерге кәсип сырларын үйретип, ҳәзирги ўақыттағы баслаўыш тәлимдеги жаңалықлар, өзгерислер менен таныстырып баратуғын, студентлерди илим жолына қарай бағдарлайтуғын «Жас педагоглар», ата-бабаларымыздан киятырған қол өнери сырларын үйрететуғын «Шебер қоллар» ҳәм поэзия, проза бағдарларында қәлем тербететуғын қәбилетли студентлер ушын арналған «Жас қәлемкешлер» дөгереклери жумыслары менен таныстырып өтти.
Сондай-ақ, шет тиллерин үйрениў заман талабы екенлигин атап өтип, тил үйрениў курслары ҳаққында кең түсиник берди.
Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.
Несибели Атамуратова,
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 3-курс студенти.