ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Магистратура бөлиминде Шараф Рашидовтың «Кашмир қосығы» китабы тийкарында китапқумарлық илажы өткерилди

Быйылғы оқыў жылынан баслап институтымыздың магистратура бөлиминде барлық магистрантлар арасында «Китапқумар магистрант» илажы турақлы түрде өткерилип келинбекте.

Ҳәптениң ҳәр пийшемби күни өткерилетуғын китапқумарлық илажының гезектегиси бүгин – 8-ноябрь күни болып өтти. Оны магистратура бөлими мектепке шекемги билимлендириў қәнигелигиниң 1-курс магистрантлары шөлкемлестирди.

Илажды магистратура бөлими методисти М.Мәмбетниязов ашып берди. Илажда магистрантлар Ш.Рашидовтың өмири ҳәм шығармалары, әсиресе, «Кашмир қосығы» китабының әдебият тарийхындағы әҳмийети ҳаққында презентациялар ҳәм видеороликлер арқалы кең түрде түсиник берди.

Илаж сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар менен даўам етти.