ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика кафедрасында академик Ж.Базарбаевтың 85 жыллығына арналған «Илим шайдалары» атамасындағы илаж өткерилди

Институтымыздың педагогика факультети педагогика кафедрасы жанында шөлкемлестирилген «Жас педагог» дөгерегинде академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллығына арналған «Илим шайдалары» атамасындағы сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Кешени дөгерек басшысы З.Наимова басқарып барды. Илажды кафедра баслығы, доцент М.Фазилова ашып берди.

Кешеде кафедра оқытыўшыларынан доцент С.Сайтбекова, үлкен оқытыўшы Т.Сапарбаева, А.Темирбекова ҳәм усы бағдардың зийрек студентлери академиктиң илимий-дөретиўшилик мийнетлери ҳәм жәмийетлик искерлиги ҳаққындағы баянатлары менен қатнасты.

Баянатшылар тәрепинен студентлерге академиктиң илимий мийнетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берилди.