ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бағдары оқытыўшылары ҳәм студентлери қарақалпақстанлы художниклердиң дөретпелерин тамашалады

Институтымыздың педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының профессор-оқытыўшылары ҳәм бир топар студентлери руўхыйлық саатлары шеңберинде Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер залында көргизбеге қойылған қарақалпақстанлы художниклердиң дөретпелерин тамашалады.

«Алтын гүз» деп аталған көргизбеге белгили художниклеримиздиң мәўсимниң шырайын сәўлелендирген сүўретлеў өнери үлгилери қойылған болып, оның ашылыў салтанатында қатнасқан студент-жаслар устаз художниклердиң шығармаларынан өзлерине үлги алды.

Сондай-ақ, алдағы исленетуғын жумыслары ушын бул көргизбе мастер-класс ўазыйпасын атқарды.