Тарийх-география факультети студентлери мектеплерде тарийх сабағын өтиў бойынша семинар-тренинг шөлкемлестирди
9-ноябрь күни институтымыздың тарийх-география факультети тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдарының 4-а ҳәм 4-б курс студентлери және Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының социаллық-экономикалық пәнлер методикасы кафедрасы менен бирге «Тарийхый билимлер: тәжирийбе ҳәм әмелият» атамасындағы семинар-тренинг болып өтти.
Семинарда Т.Қудиярова ҳәм Р.Баўетдиновлар мектепте тарийх пәнин оқытыўдың заманагөй методикалары ҳәм машқалалары бойынша баянат жасады.
Соңынан 4-б курс студенти И.Толиева мектеплерде өтилетуғын тарийх сабақларына интерактив шынығыўларды енгизиў бойынша және 4-а курс студенти Д.Сабурова Хорезмшахлар салтанаты ҳәм монғоллар мәмлекетлериниң қатнасықлары бойынша презентация иследи.
Әмелиятшы студентлер тәрепинен шөлкемлестирилген илажға қәнигелер ҳәм республикамыз қала ҳәм районларынан келген тарийх пәни муғаллимлери семинар-тренинг барысына жоқары баҳа берди.
Өткерилген семинар-тренинг мектеплердеги тарийх пәни муғаллимлери ҳәм болажақ педагоглар ушын тәжирийбе ҳәм әмелият ўазыйпасын атқарды.