ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ЗАМАНЫМЫЗДЫҢ ОЗЫҚ-ОЙЛЫ АКАДЕМИГИ

Жасы үлкенлердиң ақыл-нәсиятларын тыңлаў, ҳүрметин орнына қойыў, олардан өрнек алыў, олардың өмири ҳәм мийнет жолларын балаларына үлги етип көрсетиў ҳәм басқа да ақылға муўапық шөлкемлестирилетуғын ислер бүгин де халқымыздың нәзеринен шетте қалғаны жоқ.

Мине усындай, дәўир талабы дәрежесинде халқымыздың философиялық, педагогикалық, психологиялық, со­цио­ло­гиялық, этикалық, эстетикалық ҳәм этномәденияты менен этнопедагогикалық мийрасларын, оның ашылмаған бетлерин үйрениўди мақсет еткен алымларымыздың бири — Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының ҳа­қыйқый ағзасы, философия илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Республикасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Миллий ғәрезсизлик идеясы, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының профессоры Жуманазар Базарбаев болып есапланады.

Ол бириншилерден болып педагогикалық институтта Этнопедагогика лабораториясын шөлкемлестирди, республикамыздың мектеп ҳәм колледж оқыўшыларына арналған депнама, Шаңарақ психологиясы сабақлықларының авторлар жәмәәти ағзасы болды.

Мен Жуманазар Базарбаевты 1970-жыллардан, анығырағы студентлик жылларымнан баслап билемен. 1990-жылдан баслап педагогикалық институтта бирге ислесип киятырмыз. 2013-жылы Ж.Базарбаевтың 80 жасқа толыў мүнәсибети менен уллы илимпазға арнап Даналыққа елтиўши — пидайы алым атлы, көлеми 7,0 баспа табақлық мийнетимди жәрияладым. Ал, ҳәзир арадан 5 жыл өткеннен кейин, анығырағы 2013-2018-жыллар аралығындағы оның жазған илимий, илимий-философиялық, илимий-педагогикалық, илимий-методикалық ҳәм публицистикалық мийнетлери менен танысып шығып, оның ҳақыйқаттан да тынып-тыншыўды билмейтуғын, даналығы басым, озық ойлы, көреген алым, пидайы инсан екенлигине тәсийин қал­дым.

Ол өз мийнетлеринде өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының тәғдири өзлериниң қолына алғанлығы, өзлигин аңлағанлығы миллий қәдриятларын, үрп-әдетлерин тиклегенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды бере отырып, жаслардың елдеги әдалатлықты, инсапты, диниў-диянатты, меҳир-ақыбетти сиңдириў мәселелерине өз үлесин қосыўы кереклиги ҳаққындағы идеяларды нәсиятлайды.

Адамзаттың өткендеги бабаларын қәстерлеўи, өзиниң тарийхын қәстерлеўи, өзлигин ҳүрметлеўи, көрегенлик, ақыллылық болып, халыққа руўхый күш берип, жәмийеттиң раўажланыўының тийкарғы факторын, оның сана-сезиминиң булақларын, келешегиниң пәрдийўалын қурайтуғынлығын ядқа салып, жас әўладтың ата-бабаларының бийбаҳа мийрасларынан азық, күш-қуўат алып, оларға сүйенип раўажланып баратуғынлығын уқтырады. Бул исте профессор Жүмек Орынбаев бастан өткерген ибратлы хызмети, ҳәр бир инсанның билимин байытатуғын, оның педагогикалық нәсиятлары менен өз исин баҳалап, арзыў-нийетлерин иске асырыўға талпындыратуғын тарийхый қәдрият екенлигин ҳәр тәреплеме дәлиллеп береди. Жуманазар Базарбаев әдебий шығармалардың тек ғана философиялық тәреплерине емес, ал, оның педагогикалық-психологиялық тәреплерине де кеўил бөлип барады. Әсиресе, билим-тәрбия мәселелерине байланыслы болған шығармаларға салыстырмалы түрде таллап жасап барады. Оның дыққат-итибарынан ҳеш бир нәрсе шетте қалмайды. Мәселен, ол илимпазлар К.Қурамбаев ҳәм Г.Қурамбаевалардың биргеликте жазған Гүл бар Гүлистан ишинде атлы илимий мийнетине таллаў жасағанында — гүлди адамзат өмириниң ең қәдирли, ең сүйкимли мүлки деп есаплайды. Гүлдиң адамның кеўил хошын көтеретуғын, оның кимлигин көрсететуғын нәрсеси, инсан баласына деген жоқары ҳүрметтиң белгиси екенлигине жаслардың итибарын қаратады.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың шеберлигинен дөреген Ақшагүл, Ашық болмаған ким бар, Ҳаўа кемесиндеги екеў сыяқлы прозалық шығармалары менен тереңирек танысып үлгерген Ж.Базарбаев, оның муҳаббат бостанындағы ҳәр қыйлы ҳәдийселер, муҳаббаттың күй­дириў отлары, ондағы трагедиялар ҳәм сырлы сырғыялықлардың көркемлик пенен сүўретлениўлерин ҳәм бул шығармалардың оқырманларға жағымлы тәсир ететуғынлығын оғада үлкен қанаатланыўшылық пенен тилге алады. Әсиресе, Муратбай Нызановтың Муҳаббат қосығы романының шын ҳақыйқатлықтың, шын гөззаллықтың муҳаббатта екенлигин шеберлик пенен сәўлелендиретуғын, үлкен тәрбиялық характерге ийе шығарма екенлигине кеўли толып, бул шығарманы ҳақыйқый муҳаббаттың адам турмысындағы орнын ҳәм оның ҳәр кимге, ҳәр түрли келетуғынлығын, оның жәмийетлик турмыс пенен де тиккелей байланыслылығын оқыр­манларға жеткерип, китапқумарлардың әдебий китап оқыўға бол­ған қызығыўшылықларын арттырады.

Ж.Базарбаев жазыўшылардың қүдирети ҳаққында айтқанында …олардың шығармаларын  қолыңа алсаң басыңды көтермей, оны ақырына шекем оқып шығыўға  асығасаң. Соның менен турмай, оның кеўилге жағымлы ҳәм ойға азық­лығы, жазыўшының дәртине дәр­ман, табысына табыс қосқандай болып оның менен үнлесип кетесең, ең ақы­рында мазмунын ийелегениңнен кейин, нәтийжеге қуўанасаң ямаса көзиңнен жас төгип маўқыңды басасаң деген ҳақыйқат баҳасын береди.

Қарақалпақ әдебиятында сийрек ушырасатуғын тәсирли, ўақыяны сәўлелендириўде көркем ҳәм адамыйлық қатнасықлардың қайшылығын ҳәм муқаддеслигин сүўретлеўде жазыўшы Узақбай Пиржановтың Ақ тал астында ақшам атлы повестин жүдә теңи-тайы жоқ шығарма деп көрсетеди. Шығармаға баҳа бергенде оны ҳәмме …инсанның басынан өтетуғын муҳаббат туйғысының ояныў мәўритлериниң, жүдә ертеден басланған бахытлы жаслық туйғысының мийтиндей  тийкарын қурайтуғын дослық, екинши биреў ушын пәрўана ететуғын, сынасыў, сыйласыў, әдиллик тәрезисинен өткен айнымас ҳүрмет, инсанды шийрин жаннан кешип, өлип кетиўге дейин апарып, қай­ғы гәплет салатуғын шын ашықлық  тийкарында пайда болған күшлердиң адамды естен тандырыўға дейин апаратуғын муқаддес стереотип ҳәм жазылмаған шәртлери анық ҳәм шеберлик пенен сәўлеленген деген жуўмаққа келеди. Китаптың тәрбиялық әҳмийети ҳаққында айтқанында китаптағы  муҳаббаттың тийкары болған дослықтың, ҳүрметтиң, ышқының еки жастың арасында әстелик пенен, шаўқымсыз, мәлҳәмликте, қалыссыз пайда болыўы ҳәм беккемлиги, ҳәр бир жастың нийетиниң үлгиси болып, олардан ибрат алып бахытлы жасаўына жәрдем беретуғынлығына сөзсиз исенетуғынлығын билдирип өтеди.

Жуманазар Базарбаев әдебий шығармаларға пикир билдиргенде ҳеш ўақытта да бир тәреплемелиликке жол қоймайды. Әдебият мәселесине байланыслы шығармаларды барқулла қызығыўшылық пенен көзден кеширип барады. Мәселен, оның Шынлықлар турғанда елеслер неге дәркар, Япырмай бала, әдебиятта шаршайма екен? атлы мақалалары әдебият шайдалары ҳәм жергиликли баспа материалларын оқып барыўшыларда оғада үлкен қызығыўшылық оятты. Алым бул мақалалары арқалы ҳәр бир китапқумарды, жазыўшыны, илимпазды және де дыққатлы болыўға, сөз бенен ҳақыйқат турмыстың салыстырмалы түрде тәмийинлениўине айрықша кеўил бөлиўге шақырады.

Жуманазар аға ғалаба хабар қурал­ларында жәрияланған бирде бир материалды дыққаттан шетте қалдырмайды. Оларды жүдә үлкен қызығыўшылық пе­нен оқыйды ҳәм гейпараларына өзиниң қалыс пикирлерин билдириўден жалықпайды. Мәселен ол, жақында жәрияланған, елимизде инсан мәплерин тәмийинлеў, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа турмыс тәризин жетилистириў, адамның өмирин шырайлы ҳәм мазмунлы етиў ­бойынша ҳүрметли Президентимиз Ш.Мир­зиёевтың алға қойған ўазыйпаларына тиккелей үлес қосыўға бағышланған, әмелий мәсләҳәтлер берилген Дәстүрлеримизди ықшамлаўдың жоллары қәне? атлы мақалаға сын көзқарас пенен қарап, гейпара тийкарсыз ҳәм үстиртин жазылған пикирлерге өзиниң қалыс пикирлерин билдиреди.

Жуўмақлап айтқанда, академик ­Жуманазар Базарбаевтың педагогикалық-психологиялық бағдарда жазыл­ған мийнетлери, илимий мақалалары билимди тәрбиядан, тәрбияны билимнен ажыратып болмайтуғынлығына байланыслы пикирлери, дәстиярлы ақыл-нәсиятлары келешегимиз болған жас әўладтың озық ойлы ислеринде шеберлик пенен пайдаланып барыўда өзиниң сөзсиз унамлы тәсирин тийгизеди.

 

Арзы ПАЗЫЛОВ,

педагогика илимлериниң канди­даты, доцент,

Қарақалпақстан ­Республикасы халық муғаллими.