Институтымыз мәлимлеме-ресурс орайы директоры Туркияда өткерилген «Erasmus + Contact» семинарына қатнасып қайтты

Усы жылдың 8-9-октябрь күнлери Туркияның Стамбул қаласында «Erasmus + Contact» атамасында халықаралық семинар болып өтти.

Семинарға Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары оқыў орынлары, илимий шөлкемлер ҳәм орайлар, сондай-ақ, Erasmus + миллий офислериниң жуўапкер шахслары, жойбарлардың координаторлары қатнасты.

Семинарға Қарақалпақстаннан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инситуты мәлимлеме-ресурс орайы директоры Яқыпбек Генжемуратов та қатнасты.

– Семинарда тийкарынан Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде Erasmus + жойбарлар таңлаўында жеңимпазлықты қолға киргизген қәнигелер, жойбар координаторлары қатнасты. Мен де Өзбекстан көлеминде өткерилген жойбарлар таңлаўында өзимниң имканияты шекленген шахсларды жоқары оқыў орынларында оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша таярлаған жойбарым менен таңлаўға қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын алдым. Өзбекстаннан жеңимпаз болған 20 ға шамалас қатнасыўшы Туркияның Стамбул қаласында өткерилген Erasmus + Contact семинарына қатнасып қайттық, – дейди Яқыпбек Генжемуратов.

Семинарда Европа Аўқамының 28 мәмлекети ҳәм Исландия, Лихтенштейн, Норвегия, Македония, Сербия ҳәм Туркия Республикасы менен Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша алдағы жобалар, жаңа жойбарларды жаратыў ҳәм жаңа шериклик орнатыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Еки күн даўам еткен семинарда Туркия Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары Фарук Каймакчи ҳәм Европа Комиссиясының Билимлендириў, жаслар мәселелери, спорт ҳәм мәденият тараўлары бойынша ағзасы Камила Патрикалар қатнасып, «Erasmus + 2019» жеңимпазларына қойылатуғын талаплар, жойбарларды әмелге асырыў механизмлери бойынша кең түсиник берди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.