ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллық юбилейине арналған республикалық конференция болып өтти

Усы жылдың 13-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллық юбилейине арналған «Озық ойлы, атақлы алым ҳәм жәмийетлик ғайраткер» атамасындағы конференция болып өтти.

Конференция театр фоесинде академиктиң илимий-педагогикалық ҳәм публицистикалық дөретпелери, китаплары, монографияларының көргизбеси менен басланды.

Буннан соң театрда «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған илимпаз ҳәм жәмийетлик ғайраткер Ж.Базарбаевтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында сөз ететуғын «Ақыл-ой илиминиң сәрдары» атамасындағы ҳүжжетли фильм жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Юбилей мүнәсибети менен илимий-теориялық конференция басланды. Конференцияны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Байрамбай Отемуратов кирис сөз бенен ашып берди.

Соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўы Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Даўыт Қурбаниязов тәрепинен оқып еситтирилди.

Конференция күн тәртибине муўапық, тарийх илимлериниң докторы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Маман Сарыбаев, педагогика илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан халық муғаллими Арзы Пазылов, философия илимлериниң докторы, белгили шайыр Пердеғалый Дабыловлар академиктиң илимий-педагогикалық ҳәм жәмийетлик хызмети ҳаққында баянатлар жасады ҳәм ел ақсақаллары, жәмийетлик ғайраткерлер, жәмийет алдынғылары, сондай-ақ, конференция мийманлары сөзге шығып, академикти 85 жыллық юбилейи менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Илимлер Академиясының ҳақыйқый ағзасы – академик, философия илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан  Республикасы  халық билимлендириў ағласы,  Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў пидайысы, Әжинияз  атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының профессоры Жуманазар Базарбаев быйыл 85 жасын қарсыламақта.

Ол Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларының илим дүньясына озық ойлы, көреген алым, белгили илимпаз, билимлендириў ислериниң шөлкемлестириўшиси ҳәм пидайысы сыпатында кеңнен мәлим. Оны белгили философ ретинде Орайлық Азия, Россия ҳәм тағы басқа да ири илимий  орайлардың философ алымлары ҳүрметлейди.

Жуманазар Базарбаевтың  500 ге шамалас  илимий  публицистикалық мийнетлери, соның ишинде 30 дан артық монографиялары, сабақлықлары, оқыўлық ҳәм методикалық қолланбалары кең жәмийетшиликке кеңнен таныс.  Оның илимий мийнетлери философия, этика, эстетика,  тарийх, әдебият, педагогика және елимиздиң жәмийетлик – сиясий турмысындағы  актуал  мәселелерди сәўлелендирген.

Ол 1951-1955-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде оқыды. 1955-жылы институты айрықша дипломлар менен  питкергеннен кейин  пединститутта философия пәнинен  оқытыўшылық жумысқа қалдырылды. 1963-жылы кандидатлық, 1973-жылы докторлық диссертацияларын табыслы қорғады.

Оның  басшылығында  1965-жылы  институтта философия  секторы ашылып,  онда халқымыздың дүньяға  көз қарасларын социологиялық жақтан изертлеў, қарақалпақ әдебияты классиклериниң  философиялық ойлары,  жасларды  кәсипке бағдарлаў социологиясы изертлене баслады ҳәм биринши философия  мектеби жаратылды.

1971-жылы  пединститут  доценти, 1976-жылы  университет профессоры  илимий атақларына ийе болды. 1980-1988-жыллары  Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде кафедра баслығы,  1989-1990-жыллары  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў  министри, 1990-2001 жыллары Әжинияз атындағы Нөкис  мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры болып иследи.

Ж.Базарбаев  Нөкис мәмлекетлик  педагогикалық институтында  1992-жылы республикада билимлендириў тараўында биринши журнал  «Қарақалпақстан мүғәллими»  журналын шөлкемлестирди  ҳәм бас редакторы болды.

Академик  илим жолында шәкирт таярлаў ислерине де айрықша  кеўил бөлди. Оның илимий басшылығында  оннан артық шәкиртлери   кандидатлық диссертацияларын табыслы қорғап шықты.

Оның жазған  мийнетлери өзиниң терең мазмунлылығы ҳәм илимий қунлылығы  менен  ажыралып турды ҳәм таңлаўларда  сыйлы орынларды ийеледи. Оның 1996-жылы Қырмызы Дәўлетова менен биргеликте  жазған «Әдептаныў» китабы Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа мияссар болды. Ө.Әлеўов пенен биргеликте «Мавереннахр – ағартыўшылық орайы» деген сүрен тийкарында өткерилген таңлаўға жиберген «Мавереннахр  халықларының педагогикасы»  концепциялық бағдарламасы Өзбекстанда  1992-жылы халықаралық конкурста биринши орынды  ийеледи.

2012-жылдың өзинде илимпаздың «Әдеп философиясы»  атлы мийнети ҳәм оның басшылығында жазылған «Руўхыйлық тийкарлары» оқыўлық қолланбасы  өзиниң мазмунлылығы менен  Өзбекстан  Жоқары ҳәм орта арнаўлы  билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў  министрлиги ҳәм «Истеъдод» фонды тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыўksқ қолланбасы» таңлаўында сыйлы 2-орынды, ал оның басшылығында жазылған «Қарақалпақ этнопедагогикасы» атлы оқыўлық қолланбасы 3-орынды ийелеп, арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

Оның исми 2011-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер  Академиясының «Фан» баспасында жарық көрген инглис тилиндеги «Өзбекстан алымлары биографиясы»  атлы китаптан орын алды.

Конференция Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер шеберлери ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қәбилетли студентлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.