ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Бабалар ескегине садық мектеп» китабы авторлары ҳәм қаҳарманлары менен ушырасыў болып өтти

Ноябрь айының 9-сәнеси күни институттың мәлимлеме-ресурс орайында «Китапқумарлар клубы» ағзалары ҳәм дене мәденияты факультети студент-жаслары менен ескек есиў мектебиниң 40 жыллығына бағышланып баспадан шығарылған «Бабалар ескегине садық мектеп» китабының қаҳарманлары ҳәм китап авторларының ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўды орай хызметкери Гүлайым Жийемуратова кирис бенен ашты ҳәм кешени ашып бериў ушын сөз дене мәденияты факультетиниң деканы А.Утепбергеновқа берилди. Ол алдын көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, жазыўшы-шайырлар, мийнет алдынғылары ҳәм басқада белгили тулғалар менен ушырасыўлар өткерилип жүргенин, лекин, китап қаҳарманлары менен ушырасыўдың биринши гүўасы болып турғанын, ушырасыўдың және қуўанышлы жери – қаҳарманлардың барлығы, китап авторларынан Н.Қаипов ҳәм П.Мырзамбетовтың дене мәденияты факультетинде тәлим алған ҳәм тәлим алып атырған жаслар екенин, бул «Бабалар ескегине садық мектеп» китабының 3-бөлими екенин, 1-бөлими 2008-жылы, 2-бөлими 2016-жылы жарық көргенин айта келип, усы ушырасыў кешесин шөлкемлестирген орай хызметкерлерине ҳәм оларды қоллап-қуўатлаған институт ректоратына өз миннетдаршылығын билдирди.

Кейин сөзге шыққан Қарақалпақстан Ескек есиў федерациясының бас хаткери Б.Алланиязов, китап авторлары П.Мырзамбетов, Н.Қаипов, китап қаҳарманы Ж.Қожақовалар шығып сөйлеп, китаптың жазылыў тарийхы ҳәм алдағы режелер ҳаққында айтып өтти. Кейин ескек есиў мектебиниң тәрбияланыўшылары, парканоэ бойынша Азия кубогының гүмис медаль ийеси Әбдибек Уснатдинов, Азия кубогы қатнасыўшысы Дәстан Жумамуратов, Шымкентте 7 мәмлекет қатнасында болып өткен Қазақстан ашық чемпионатының екинши орын ийеси Муҳаммед Туржановларға Өзбекстан жазыўшылар аўқамының ағзасы Әбдиқадир Қайыпов ҳәм исбилермен Сәтбай Казаковлардың естелик саўғалары тапсырылды.

«Китапқумарлар клубы» ағзаларының ушырасыў қатнасыўшылары менен шөлкемлестирген ойынлары ушыпасыўдың еле де қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтиўин тәмийинледи.

Илаж соңында орай директоры Я.Генжемуратов шығып сөйлеп, ең жақсы китапқумарларды ҳәм усы кешениң мазмунлы өтиўинде белсендилик көрсеткен студент-жасларды сыйлықлады ҳәм китап авторлары менен китап қаҳарманлары Батыр Сержанов, Жадыра Қожақова, Айнур Ильясова, Гәўҳар Өтепбергенова ҳәм Шахноза Елмуратоваларға мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен таярланған естелик саўғаларды салтанатлы түрде тапсырды.

Ушырасыўға байдарка ҳәм каноэда ескек есиў бойынша Қарақалпақстан сайланды командасының бас тренери Өтебай Үсенов, Қарақалпақстан Бокс федерациясының бас хаткери Қаҳраман Нурымбетовлар қатнасты.

Кеше мазмунлылығы ҳәм тәрбиялық әҳмиетке ийелиги менен қатнасыўшылар кеўлине заўық бағышлады.

 

Гүлназ ТУРЫМБЕТОВА,

Мәлилеме-ресурс орайының хызметкери.