Бүгиннен баслап нелердиң баҳасы қымбатлады?
Бүгин – 16-ноябрьден баслап бензин, дизель жанар майы, электр энергиясы, тәбийғый газ, суйытылған газ, ыссы суў ҳәм ыссылық тәмийнаты ушын баҳалар көтерилди.
Бензин ҳәм дизель жанар майы
Аи-80 автобензини – 4 000 сум/литр;
Аи-91 автобензини – 4 500 сум/литр;
Дизель жанар майы – 4 800 сум/литр;
ЭКО дизель жанар майы – 4 900 сум/литр.
Электр энергиясы
Электр энергиясының 1 киловаты 250 сумға (усы күнге шекем 228 сум 60 тийин еди) көтерилди.
Тәбийғый газ
Халықтың турмыслық талаплары ушын, газ есаплағышлар болғанда тәбийғый газдың 1 кубометри 320 сум болды.
Ислам Матеков.