ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Келеси жылы Қараөзекте цемент заводы, Мойнақта консерва ҳәм Тақыятаста қағаз ислеп шығарыў кәрханалары шөлкемлестириледи

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында Нөкис қаласында болып өткен ушырасыўда Қарақалпақстан экономикасын раўажландырыў мәселелери додаланды.

Онда атап өтилгениндей, келеси жылы Қараөзек районында Қубла Корея менен биргеликте жылына 3,4 миллион тонна цемент ислеп шығаратуғын завод қурылысы басланады. Мойнақ районында балықты консервалаў, Тақыятас районында мәкке ҳәм жүўерини қайта ислеў және қағаз ислеп шығарыў кәрханалары шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги