ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Студентлер кубогы-2018» интеллектуал турнириниң финаллық басқышы болып өтти. Онда институтымыз командасы да қатнасты

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Халықаралық мийнет шөлкеми менен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги шөлкемлестириўинде Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Студентлер кубогы-2018» интеллектуал турнири болып өтти.

Турнир еки басқышта – аймақлық ҳәм республикалық басқышта өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары жоқары оқыў орынлары менен аймақлық басқышта өз билимин сынасып, 3-орынды жеңип алған институтымыз командасы бүгин – 16-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өткен финаллық басқышқа қатнасты.

Финаллық басқышқа жәми 15 жоқары оқыў орнының командалары қатнасты.

Финаллық басқыштың жуўмақларына бола, Ташкент педиатриялық медицина институты 1-орын, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети 2-орын, Ташкент медициналық академиясы 3-орын жеңимпазы болды.

Финаллық басқышқа шекем ҳәм финалда жақсы нәтийжелерди қолға киргизген институтымыз командасы «Өзбекстан» телеканалының «Урфон шоу» көрсетиўине қатнасатуғын болды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.