Студентлер дыққатына! Тил байрамы, конституция күни ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен өткерилетуғын мақала ҳәм плакатлар таңлаўына қатнасың
«1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн», «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн» ҳәм «9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен институтымызда мақалалар ҳәм плакатлар таңлаўы өткерилиўи жобаластырылған.
Таңлаўда 1-2-3-орынларды ийелеген студентлерге диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылады.
Таңлаўда қатнасып, өз қәбилетиңиз бенен жеңимпаз болыўды жобаластырып атырған болсаңыз өз мақала ҳәм плакатларыңызды Өзбекстан жаслар аўқамының институт басланғыш шөлкемине төмендеги мүддетлерге шекем тапсырыўыңыз соралады:
1. «1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн». Мақала ҳәм плакатларды тапсырыў мүддети 2018-жыл 27-ноябрьге шекем.
2. «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн». Мақала ҳәм плакатларды тапсырыў мүддети 2018-жыл 4-декабрьге шекем.
3. «9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни». Мақала ҳәм плакатларды тапсырыў мүддети 2018-жыл 6-декабрьге шекем.
Асығың, өз қәбилетиңизди көрсететуғын ўақыт келди!