ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Магистратура бөлиминде рус жазыўшысы К.Г.Паустовский дөретпеси бойынша китапқумарлық илажы болып өтти

15-ноябрь күни институтимыздың магистратура бөлиминде белгили рус жазыўшысы К.Г.Паустовскийдиң «Старый повар» гүрриңи бойынша китапқумарлық илажы болып өтти.

Рус тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 1-курс магистрантлары шөлкемлестириўинде өткерилген илажды магистратура бөлими баслығының орынбасары М.Мәмбетниязов ашып берди. Ол өз сөзинде жазыўшы К.Паустовскийдиң өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша кең түрде мағлыўматлар берди.

Магистрантлар жазыўшының «Старый повар» гүрриңи бойынша исленген презентацияны илаж қатнасыўшылары нәзерине усынды.

Буннан соң гүрриң сюжети және композициясы, қаҳарманлардың характери бойынша магистрантлар өз ара пикир алмасты.

Илажға институтымыздың рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы Э.Ешниязова қатнасты.

 

Мияссар Ганиева,

Магистратура бөлими 1-курс магистранты.