ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Филология факультетинде С.Ахметовтың 90 жасқа толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше өткерилди

16-ноябрь күни институтымыздың филология факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасы «Зийўар» әдебий дөгерегинде С.Ахметовтың 90 жасқа толыўы мүнәсибетине арналған әдебий кеше өткерилди.

Әдебий кешени филология факультети деканы А.Абдиев ашып берди. Ол өз сөзинде С.Ахметовтың өмир жолы ҳаққында өз пикирлерин билдирип өтти.

Буннан соң баянатлар тыңланды. Филология илимлериниң кандидаты,  доцент М.Бекбергенова «С.Ахметов әдебияттаныў сабақлығының авторы» атамасындағы баянатын илаж қатнасыўшыларына таныстырып өтти. Халқымыздың уллы инсанларының бири  болған С.Ахметовтың жаратып кеткен мектеби бүгинги жасларға үлги болары сөзсиз екенлиги айрықша атап өтилди.

Соң қарақалпақ әдебияты кафедрасы оқытыўшысы, ф.и.к., доцент Б.Давлетов «Поэзияның изертлениўинде С.Ахметовтың хызмети» атамасында  баянат жасады.

Сондай-ақ,  магистратура бөлими қарақалпақ әдебияты қәнигелиги магистранты А.Жақсылықова «С.Ахметовтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы» атамасындағы баянатында илимпаздың мийнетинлери бойынша таллаў жасады.

Қарақалпақ әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы С.Баўетдинова С.Ахметовтың илимий жолы ҳаққында терең пикирлерин билдирип өтти. Буннан соң ф.и.к., доцент С.Казакбаев С.Ахметовтың инсан сыпатында адамгершилик пазыйлетлерин еске түсирип, баҳалы пикирлерин баян етти. Әдебий кеше студент-жаслардың сораў-жуўаплары менен даўам етти.