Институтымызда Москва қалалық педагогикалық университети менен бирге ислесиў бойынша әмелий жумыслар басланды

Усы жылдың 14-ноябрь күни Москва қалалық педагогикалық университети профессоры, филология илимлериниң докторы, белгили алым Э.Шафранская институтымызға келди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Москва қалалық педагогикалық университети арасында 2018-2022-жылларға арналған билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиў бойынша өз ара шәртнамаға муўапық, россиялы профессор институт студентлерине сабақ өтиў ҳәм өз ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде келгенлиги мийманлар менен болған ушырасыўда айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда еки жоқары оқыў орны арасында илимий-педагогикалық жумысларды алып барыў, кадрлар таярлаў ҳәм илимий изертлеў жумысларын алып барып атырғанлардың илимий потенциалын арттырыў, профессор-оқытыўшылар және студентлерди алмасыў жолы менен олардың тәжирийбе ҳәм көнликпелерин арттырыў, илимий-теориялық конференциялар, илимий дебатларды биргеликте шөлкемлестириў, оқыўлық ҳәм методикалық қолланбалар таярлаў ҳәм басқа да тараўлар бойынша алдағы исленетуғын жумыслар келисип алынды.

Россиялы профессор институтымыздың шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлерине ашық лекция сабағын өтти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.