ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыз студенти Динара Нуратдинова Қазақстанда болып өткен «Асыл мура» халықаралық фестивалына қатнасып қайтты

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының студенти, халықаралық таңлаўлар лауреаты Динара Нуратдинова 15-19-ноябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Талдықорған қаласындағы Бикен Римова атындағы драма театрында «Орбулақ урысы»ның 375 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бақсы-жыраўлар фестивалына қатнасып қайтты.

Фестивальда Туркия, Қырғызстан, Қарақалпақстаннан  ҳәм жергиликли бақсы-жыраўлардан 11 қатнасыўшы сахнада өз өнерлерин көрсетти.

Қарақалпақ халқының фольклорлық мийрасы «Ғәрип ашық» дәстанынан «Биле билмедим» қосығын атқарып шыққан жерлесимиз Динара Нуратдинова фестивальға келген тамашагөйлер ҳәм сырт елли мийманлар алдында қарақалпақ халқының бай көркем өнерин көрсете алды.

Фестиваль жуўмақлары бойынша Динара Нуратдинова диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.