Институтымыз студенти «Ассалом, Ўзбекистон!» көрсетиўинде мийман болды

Институтымыздың музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти Зинатдин Нуратдинов «Ўзбекистон» телерадиоканалының «Ассалом, Ўзбекистон!» көрсетиўинде мийман сыпатында қатнасты.

Көрсетиўди сүўретке алыў процесинде қатнасқан жас талант ийеси қобызда қарақалпақ халық дәстанларынан үзинди атқарып берди. Баслаўшылар менен өз ара сәўбетте халықаралық фестиваль ҳәм таңлаўлардағы қатнасы, қолға киргизген нәтийжелери, сондай-ақ, алдағы мақсетлери ҳаққында айтып өтти.

Көрсетиў 27-ноябрь күни эфирге узатылыўы жобаластырылған.

Еслетип өтемиз, институтымыз студенти Зинатдин Нуратдинов 2018-жыл 29-31-март күнлери Россия Федерациясының Казань қаласында өткерилген «Восточная сказка» XIV халықаралық фестивалында қатнасып, 1-орынды ийелеп, «Гран При» лауреаты болған еди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.