ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жаңалық! Ең нәтийжели жумыс алып барған илимпазлар сыйлықланады

Елимизде биринши мәрте Scopus илимий-аналитикалық мағлыўматлар базасы версиясы бойынша ең нәтийжели жумыс алып барып атырған илимпазлар сыйлықланады.

Салтанатлы сыйлықлаў илажы усы жылдың 23-ноябрь күни Ташкентте QS, Times Higher Education сыяқлы дүньяның жетекши рейтинг агентликлери директорлары, Elsevier компаниясы басшылары ҳәм сырт елли қәнигелер қатнасыўында болып өтеди.

Илаж шеңберинде Биринши илимий форум да өткерилип, онда мақала жазыў, илимий журналларды индексациялаў ҳәм халықаралық рейтинглерге кириў методологиясын үйрениў бойынша шеберлик сабақлары өткериледи.

Мағлыўмат ушын, усы жылдың 23-март күни Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Elsevier илимий компаниясы арасында «Илим-2020» бирге ислесиў бағдарламасы тастыйықланған еди.

 

Ислам Матеков.