ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Тарийх-география факультети студентлери 9-санлы мектепте мәмлекетлик байрақтың қабыл етилген күнине арнап байрам шөлкемлестирди

Ҳәммемизге белгили, 1991-жыл 18-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашының VII сессиясында мәмлекетлик белгилеримиздиң бири болған байрақ қабыл етилген. Быйыл байрағымыздың қабыл етилгенине 27 жыл толды.

Сәне мүнәсибети менен институтымыздың тарийх-география факультети миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 4-а курс студентлери Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде мектеп жәмәәти менен биргеликте «Нышаным — мақтанышым» атамасында байрам кешесин шөлкемлестирди.

Кешени мектеп директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Алақбаева ашып берди. Буннан соң мектептиң ҳуқықтаныў пәни муғаллими Ш.Ембергенова ҳәм басқа да муғаллимлер байрам менен жыйналғанларды қутлықлады.

Буннан соң мектеп оқыўшылары атқарыўындағы байрам концерти жыйналғанлардың итибарына усынылды. Оқыўшылар мәмлекет байрағындағы ҳәр бир реңди өзлери жазған қосық қатарлары арқалы тәриплеп берди.

Концерттен соң мектеп оқыўшылары арасында «Нышаным – мақтанышым» атамасында «Ең жақсы шығарма» ҳәм «Ең жақсы салынған сүўрет» таңлаўларының жеңимпазлары сыйлықланды.