ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Волейбол бойынша «Универсиада» спорт жарысларының факультетлер аралық басқышы болып өтти

Усы жылдың 20-22-ноябрь күнлери аралығында институтымызда оқып атырған студентлер арасында спорттың волейбол түринен «Универсиада» спорт жарысларының факультетлер аралық басқышы болып өтти.

Ер балалар арасында өткерилген жарыста қарсыласларынан үстем келген тарийх-география факультети командасы 1-орын, математика-информатика факультети 2-орын ҳәм педагогика факультети командасы сыйлы 3-орынды бәнтледи.

Қызлар арасында өткерилген жарыс жуўмақлары төмендегише болды:

1-орын филология факультети, 2-орын шет тиллери факультети ҳәм 3-орын мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети командасына несип етти.

Жарысты институт спорт клубы баслығының орынбасары А.Ережепов шөлкемлестирди.

Жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.