ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ҚМУда академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллығына арналған илаж өткерилди

23-ноябрь күни университеттиң мәжилислер залында Өзбекстан Илимлер Академиясының ҳақыйқый ағзасы – академик, философия илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан  Республикасы  халық билимлендириў ағласы,  Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў пидайысы, Әжинияз  атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының профессоры Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллығы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Илажды университет ректоры ашты ҳәм белгили алым, философия илимлери докторы, профессор Жуманазар Базарбаевты туўылғанының 85 жыллығы менен пүткил университет жәмәәти атынан қутлықлап, арнаўлы түрде таярланған естелик саўғаларын салтанатлы жағдайда тапсырды.

Ушырасыўда университеттиң «Социаллық пәнлер» кафедрасы доценти Ю.Алимбетов академик Жуманазар Базарбаевтың өмир жолы ҳәм педагогикалық хызметлери ҳаққында баянат жасады. Буннан соң университет Нураныйлар кеңеси баслығы Б.Абдикамалов, дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы профессоры М.Ибрагимов ҳәм жаслар атынан социаллық пәнлер кафедрасы ассисенти Ж.Бийимбетов сөзге шығып, академик Ж.Базарбаевты юбилей сәнеси менен қутлықлады.

Ушырасыў жуўмағында юбилей ийеси, академик Ж.Базарбаев сөзге шығып, университет жәмәәти, кеше мийманлары ҳәм қатнасыўшыларға өз миннетдаршылығын билдирди.