ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Физика-мийнет факультетинде академик М.С.Баҳодирхонов пенен ушырасыў болып өтти

Усы жылдың 16-ноябрь күни институтымыздың мәжилислер залында И.А.Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети профессоры, академик М.С.Баҳодирхонов пенен ушырасыў болып өтти.

Оған институттың физика-мийнет факультети профессор-оқытыўшылары, илим изертлеўшилер, магистрант ҳәм студент-жаслар, сондай-ақ, елимиздеги жоқары оқыў орынларының профессорлары қатнасты.

Ушырасыўда академик М.С.Баҳодирхонов илимий изертлеў жумыслары ҳәм олардың нәтийжелери бойынша айтып берди.

Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.