ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстан сайтларына неше мәрте хакерлик ҳүжимлер болғаны мәлим етилди

2018-жылдың үшинши шерегинде «UZ» доменинде жайласқан сайтларға 308 мәрте ҳүжим шөлкемлестирилген. Бул ҳаққында Бас прокуратура жанындағы Мәлимлеме-анализ мультимедиалық орайы мәлим етти.

Солардың 184 и сайтлардың бас бетлерин өзгертиў, 119 ы болса оларға басқа информацияларды жайластырыўға ҳәрекет етиў менен байланыслы.

Мағлыўмат ушын, бундай ҳәрекетлерге шеек қойыў мақсетинде Президенттиң «Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларының енгизилиўин қадағалаў, оларды қорғаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Өзбекстанда Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы және «Техникалық жақтан көмеклесиў орайы» МУК хызмети жолға қойылады.

 

Ислам Матеков.