Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бағдарының студенти Зульфия сыйлығының республикалық басқышына жоллама алды

Усы жылдың 22-ноябрь күни Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың республикалық басқышы болып өтти.

Институтымыздың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 1-курс студенти Азиза Юсупова республикалық басқышта қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

Азиза келеси республикалық басқышқа жоллама алды.