ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бағдарының студентлери Альвина Шпадының көргизбесине қатнасты

25-ноябрь күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, художний Шпады Альвина Андреевнаның «Қарақалпақстан – мәңгилик муҳаббатым» атамасындағы жеке көргизбеси ашылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети тәрепинен шөлкемлестирилген көргизбеге институтымыздың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери де қатнасты.

Белгили художник, реставратор А.Шпады менен өз ара сәўбетте болып, оның тәжирийбелерин үйренип қайтты.