ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбек әдебияты кафедрасы оқытыўшысы аўдармаланған шығармалар текстлерин үйрениў бойынша ашық сабақ өтти

Усы жылдың 30-ноябрь күни институтымыздың филология факультети өзбек әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы Феруза Сапаева өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 2-курс студентлери қатнасыўында ашық сабақ өтти.

«Аўдармаланған шығармалардың текстлерин үйрениўдиң илимий тийкарлары» атамасында болып өткен ашық сабақта оқытыўшы тәрепинен өзбек әдебиятындағы аўдармаланған шығармалардың әҳмийети ҳәм олардың текстлерин илимий аспектте үйрениў бойынша студент-жасларға зәрүрли көнликпелерди берди.

Ашық сабақта студентлер өзлестирген көнликпелери тийкарында әмелий шынығыўлар алып барды.

Ашық сабаққа Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти, филология илимлериниң кандидаты О.Дуйсенбаев эксперт сыпатында қатнасты.