ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Баскетбол бойынша «Универсиада» ойынларының биринши басқышында тарийх-география факультети жеңимпаз болды

Усы жылдың 28-29-ноябрь күнлери институтымызда үш басқышлы спорт ойынларының жоқары басқышы есапланған «Универсиада» спорт жарысларының баскетбол түринен биринши басқышы болып өтти.

Оған институттың барлық факультетлеринен командалар қатнасты.

Ер балалар арасында өткерилген жарысларда 1-орынды тарийх-география, 2-орынды математика-информатика ҳәм 3-орынды филология факультети командалары ийеледи.

Спорт жарыслары даўам етпекте.

 

Рамазан Утепбергенов,

Тарийх-география факультети студенти.