ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Смартфонлар инсан бетинде сепкил пайда ете ме?

Уялы телефонлар адам бас мийиндеги қәўипли исик кеселлигине себепши болыўы мүмкин бе, деген сораўға жуўап табыў мақсетинде Израиль денсаўлықты сақлаў министрлиги илимпазлары изертлеў алып барды ҳәм күтилмеген жуўмаққа келди.

Олар узақ ўақытқа шекем изертлеў жүргизип, уялы телефон ҳәм оның жийилиги бас мийде қәўипли кеселликтиң пайда болыўына себепши емес екенлигин анықлаған.

Соның менен бирге, адамның ДНК системасына да зыяны жоқ екенлиги анықланған. ДНКға зыяны болмаса тери қәўипли исиги кеселлигине де шалынбайды екен.

Бирақ, смартфон қәўипли кеселлик түрлерине себепши болмаса да, бетте сепкилдиң пайда болыўына тәсир етеди екен.

Бетке тийгенде дисплейдеги жыллылық териге тәсир етип, пигментлер хызметин жеделлестиреди. Нәтийжеде бетте сепкил пайда болады.

Бул машқаланы шешиўдиң аңсат жолы да бар: телефонның даўысын күшейтип сөйлесиў ямаса Bluetooth қулақ аппаратларынан пайдаланыў.

 

Ислам Матеков.