Өткен жылы Өзбекстанда неше адам СПИДтен қайтыс болғаны мәлим болды

UNAIDS шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, 2017-жылы Өзбекстанда шама менен 1900 адам арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС ямаса СПИД) себепли қайтыс болған. Бул ҳаққында АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, өткен жылы Өзбекстандағы 20 000 нан аслам адам Қурама Штатлар тийкарғы қәўендери есапланған Глобаллық қор механизми арқалы антиретровирус емлениў имканиятына ийе болған.

 

Ислам Матеков.