ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Конституция – елимиз раўажланыўының беккем тийкары

Усы жылдың 3-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күни» байрамы мүнәсибети менен салтанатлы мәжилис болып өтти.

Мәжилисти институт жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Қудайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының баслығы Б.Темирхановалар сөзге шығып, Бас нызамымыздың қабыл етилгенине 26 жыл толыў байрамы менен жыйналғанларды қутлықлады.

Илажда академик Ж.Базарбаевтың «Өзбекстан Республикасы Конституциясы – миллий руўхыятымыздың тийкары», институттың тарийх-география факультети миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының доценти Т.Қудайбергенова «Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети», сондай-ақ, тарийх илимлериниң кандидаты, профессор М.Тилеўмуратовтың «Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилиўиниң тарийхый әҳмийети» атамаларындағы баянатлары тыңланды.

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының Конституциясы инсан, жәмийет ҳәм мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған бас нызам болып, дүньяның көплеген мәмлекетлериниң конституцияларынан өзиниң инсан ҳуқық ҳәм мәплерин биринши орынға қойыўы менен ажыралып турады. Ҳәзирги ўақытта барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бас нызамымыз тийкарында ислеп шығылмақта.

Мәжилис өз ара пикир алмасыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.