ТИТУ Нөкис филиалында институтымыз магистрантлары семинар-тренинг шөлкемлестирди

Президентимиз тәрепинен жоқары оқыў орынларында илимий потенциаллықты арттырыў мақсетинде профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың басқа жоқары оқыў орынларында қәнигелигин жетилистириўи, билим алыўы, тәжирийбе топлаўы ҳәм пикир алмасыўына үлкен итибар қаратылмақта.

Усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда институтымыз ҳәм ТИТУ Нөкис филиалы биргеликте илимий изертлеў жумысларын алып барып, семинар-тренинглер шөлкемлестирип, инновациялық исленбелер бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Әмелий жумыслардың көриниси сыпатында институтымыз магистратура бөлими билимлендириўде мәлимлеме технологиялары қәнигелигиниң 1-курс магистранты А.Кеңесбаев «Мектепте информатика пәнинен 8-класслар ушын электрон қолланба жаратыў» темасында семинар-тренинг шөлкемлестирди.

Бул электрон қолланба мәмлекетлик билимлендириў стандартлары талаплары тийкарында ислеп шығылған болып, бағдарлама өз ишине төмендеги материалларды қамтыйды:

  1. Видео мағлыўмат;
  2. Аудио мағлыўмат;
  3. Теориялық ҳәм әмелий тапсырмалар;
  4. Пайдалы усыныслар;
  5. Интернет материаллар;
  6. Сабақ исленбелери;
  7. Әдебият ҳәм сайтлар дизими;
  8. Беккемлеў ушын тест тапсырмалары ҳәм т.б.

 

Электрон қолланбалар онлайн ­ҳәм оффлайн режиминде ислейди.

Семинар-тренингде ТИТУ Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары, магистрантлар ҳәм студентлер қатнасты. Семинар сораў-жуўаплар ҳәм өз ара пикир алмасыўлар менен даўам етти.

Гезектеги тренингди дәстүрий инжиниринг кафедрасы баслығы, физика-математика илимлери докторы, профессор Н.Утеулиев басшылығында ТИТУ Нөкис филиалы 1-курс магистрантлары тәрепинен исленген бағдарламалар бойынша декабрь айында институтымыздың информатиканы оқытыў кафедрасында шөлкемлестириўге келисип алынды.

 

Әдил Кеңесбаев,

НМПИ магистранты.