Қазақ мəденияты символы

3-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мəмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети рус тили кафедрасы оқытыўшылары студентлер турақ жайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-марттағы «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарары шеңберинде Абай Қунанбаев дөретиўшилигине арналған əдебий кеше өткерилди.

Кешеде шет тиллер факультетиниң студент-жаслары қатнасты. Рус тили кафедрасы баслығы Э.Ешниязова Абай Қунанбаев дөретиўшилиги менен таныстырды ҳәм оның қазақ мəденияты символы екенлиги ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Рус тили кафедрасы оқытыўшысы М.Турсынова Абай шығармалары ҳәм дөретпелери көплеген шет ел жазыўшыларын қызықтырғанлығы ҳаққында  айтып өтти. Кафедра оқытыўшы Ю.Шамшетова студентлер менен сəўбетлесиў өткерди, студентлер өзлериниң пикирлерин еркин айтып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Кеше соңында студентлер үш топарға бөлинип шайырдың дөретпелери бойинша актуал темаларда сəўбетлести ҳәм бир-бири менен сəўбет алып барды. Кеше қызғын даўам етти.

 

Ю.М.Шамшетова,

НМПИ стажер-оқытыўшысы.