Бүгин, 6-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россияның Санкт-Петербург қаласына жөнеп кетти.
Президент ол жерде Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасады.
Бүгин Санкт-Петербургта Евразия экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекет басшыларының жыйналысы болып өтиўи де жобаластырылған.
Ислам Матеков.