ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ҳаял-қызлар ҳуқық ҳәм еркинликлери мәмлекет қорғаўында

Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң тийкарғы мақсет ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыўға қаратылды.

Бәршеге жақсы мәлим, ҳәр қандай мәмлекеттиң ең тийкарғы муқаддес ҳүжжети –бул сол мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатын өз ишинде жәмлеген, раўажланыўдың анық бағдарлары белгиленген, онда жасаўшы ҳәр бир пуқараның ерк-ықрарын ҳуқық ҳәм миннетлерин ашық сәўлелендире алған Тийкарғы нызамы – Конституциясы болып есапланады.

Мәмлекетимиз бойлап быйылғы жылы 26 жыллық сәнеси кең түрде белгиленип атырған Конституциямыз, өзиниң алғы сөзинде жазылғанындай дүнья жүзи жәмийетшилиги тәрепинен тән алынған ең алдынғы тәжирийбелерди өзинде жәмлегенлиги, мәмлекеттиң ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдында жуўапкершилигин сондай-ақ, социаллық әдиллик идеяларына садықлықты мойынлаған, ҳәр бир пуқара ушын әҳмийетли ҳүжжет екенлиги менен ҳәр биримиз ушын бийбаҳа саналады.

Тийкарғы нызамымыздың қайсы бир статьясын алып қарасақ та, онда ең әўеле, инсан ҳуқық ҳәм мәплери миллий қәдирият сыпатында өз көринисин тапқанлығын терең аңлаймыз.

Мәмлекетимизде ғәрезсизлик жылларында ҳаял-қызларымызға жәмийетимиздиң барлық тараўларында үлкен имканият есиклериниң ашылғанлығы, олардың жәмийетлик сиясий ҳәм мәмлекетлик басқарыўындағы қатнасының жетерли дәрежеде тәмийинленип атырғанлығы, сондай-ақ, ерлер менен бир қатарда турып, түрли салаларда хызмет етип атырған апа-сиңлилеримиздиң мийнетлериниң өз ўақтында баҳаланып атырғанлығы, мәмлекетимизде жасап ҳәм мийнет етип атырған ҳәр бир ҳаял-қыз ушын бийик мәртебе ҳәм бахыт есапланады.

Әлбетте, бундай үлкен итибар ҳәм ғамқорлықлардың түп негизинде Конституциямызда белгилеп қойылған ҳуқық ҳәм қағыйдалардың турғанлығын терең сезинемиз.

Конституциямыздың 46-статьясында «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳукықлы» екенлиги қатаң белгиленген болса, 63-статьяда шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екенлиги, жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болатуғынлығы, неке тәреплердиң ықтыярлы разылығы ҳәм тең ҳуқықлығына тийкарланатуғынлығы толық кепилленген.

Усылар менен қатар, 65-статьяда «Аналық ҳәм балалықтың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы кепилленген»лиги белгилеп өтилген.

Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысындағы қатнасын тәмийинлеў, ҳәкимиятты басқарыў ислерине тартыў мақсетинде, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли органларына сайлаўлар ҳаққындағы Нызамларда, сиясий партиялардан депутатлықка көрсетилетуғын талабанлардың кеминде 30%ти ҳаял-қызлар болыўы кереклиги ҳаққында катаң норма киргизилген.

Конституциямыз негизинде қабыл етилген сайлаўлар ҳаққындағы бул нызамларда белгиленген норма, ҳаял-қызларымыздың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, нызам шығарыў жумысларындағы искерлигин тәмийинлеўши имканиятлардан есапланады.

Сондай-ақ, ҳаял-қызларымыздың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде соңғы жылларда қабыл етилген Президентимиз пәрманлары менен бир қатар нызамларда ҳаял-қызларды социаллық жақтан хошаметлеўдиң ҳуқықый негизлери беккемленип барылмақта.

Конституциямыз бизиң өмиримиздиң мазмунын, мәмлекетимиздиң бүгини ҳәм келешегин белгилеўши ҳуқықый ҳүжжет саналады.

Сөзимниң соңында пүткил республикамыз халқын Тийкарғы нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 26 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман, шаңарақларына қут-берекет, өзлерине саў-саламатлық тилеймен.

 

Улбосын Сейтжанова, 

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты.