ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Шет тиллери факультетинде «Конституция – миллий тиклениў ҳәм раўажланыў тийкары» атамасында семинар шөлкемлестирилди

Институтымыздың шет тиллери факультетинде «Конституция – миллий тиклениў ҳәм раўажланыў тийкары» атамасында оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Онда шет тиллери факультети декан орынбасары Х.Есемуратов «Өзбекстан Республикасының қолға киргизген табысларында Конституцияның роли», ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси атқарыў комитети Аппараты қәнигеси Х.Қабулов «Конституция – елимиз ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкары», Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы Ф.Романов «Өзбекстан Республикасы раўажланыўының Ҳәрекетлер стратегиясында Конституцияның тутқан орны» атамаларында баянатлар жасады.