ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Халық билимлендириў пидайысы» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Сыйлықланғанларға ақшалай сыйлық бериледи

Министрлер Кабинетиниң «Халық билимлендириў пидайысы» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Көкирек белгиси менен халық билимлендириў тараўында баркәмал әўладты қәлиплестириў, жасларды ўатан сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садық руўхта тәрбиялаў бағдарында пидайы мийнет еткен және тараўдың раўажланыўына үлес қосқан пуқаралар сыйлықланады.

Көкирек белгиси ҳәр жылы Муғаллимлер ҳәм оқытыўшылар күни байрамы қарсаңында Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министри (ямаса оның тапсырмасы тийкарында басқа жуўапкер шахслар) тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылады.

Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар ең кем айлық мийнет ҳақының төрт есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

 

Ислам Матеков.