Президентимиздиң усы жылдың ноябрь айындағы Қарақалпақстанға сапары даўамында Нөкис горнизонында болып, әскерий хызметкерлер менен ушырасып, жаратылған шараятларды көзден кеширген еди. Усы ушырасыўда әскерий хызметкерлер менен ушырасыўлар шөлкемлестириў бойынша өз усынысларын билдирген еди.
Усы мүнәсибет пенен, институтымызда декабрь ҳәм январь айлары әскерий ўатан сүйиўшилик айлығы деп жәрияланып, айлық шеңберинде бир неше илажлар өткерилмекте.
Институтымыздың үлкен мәжилислер залында Нөкис горнизоны әскерий хызметкерлери ҳәм мүддетли әскерий хызметти атқарып атырған азаматлар менен ушырасыў болып өтти.
Онда институт студентлери ҳәм әскерий хызметкерлер ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы болған әскерий хызмет ҳаққында өз ара пикирлести.
Ушырасыўдан соң институттың талантлы жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар итибарына усынылды.
Баспасөз хызмети