Жаслар аўқамының 35%лик хошаметлеўине кимлер мүнәсип болады?
Өзбекстан жаслар аўқамы мүддетли әскерий хызметти атқарып келип, усыныснама тийкарында төлемли контракт тийкарында оқып атырған, сондай-ақ, орташа өзлестириў көрсеткиши айрықша болған төлемли контракт тийкарында оқып атырған, оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған студент-жаслардың контракт суммасының 35%ин төлеп беретуғынлығынан көпшилик хабардар.
Хош, усындай хошаметке ерисиў ушын қандай талаплар қойылған?
Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Ҳ.Қурбанбаев ҳәм аўқам медиа жетекшиси М.Давлетовалар институтымыздың математика-информатика факультети студентлери менен ушырасып, бул бойынша толық түсиник берди.
Айсулыў Утепбергенова,
Математика-информатика факультети студенти.