Баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшылары студентлер турақ жайында жаслар менен ушырасыў өткерди
Институтымыздың баслаўыш тәлим кафедрасы профессор-оқытыўшылары студентлер турақ жайында жаслар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар «1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн», «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн» ҳәм «9-декабрь – Коррупцияға қарсы гүресиў күни» байрамларының әҳмийети бойынша кең түрде пикирлести.
Ушырасыў соңында студентлер тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы қойып берилди.