ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымызда Конституциямыздың 26 жыллығына арналған байрам илажы болып өтти

11-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының үлкен мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 26 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди.

Соңынан академик Ж.Базарбаев «Өзбекстан Республикасы Конституциясы – миллий руўхыятымыздың тийкары» атамасында баянат жасады.

Буннан соң жаслар мәселелери бойынша проректор Қ.Қадиров Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясының жигирма алты жыллығына арналған салтанатлы мәресимдеги баянатынан келип шығып институтта әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпаларға кең тоқталды.

Президентимиз атап өткениндей, келеси жылы мектепке шекемги билимлендириўди еле де раўажландырыў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў ҳәм жоқары оқыў орынларының қәбилетли студентлерин сырт еллердиң атақлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериў, олардың тәжирийбели профессор-оқытыўшыларын шақырыў, тәжирийбесин өзлестириў, студент-жаслардың ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, коррупцияның алдын алыў бойынша кең жәмийетшилик пенен бирге ҳәрекет етиў сыяқлы ўазыйпалар алдағы мақсетлеримиздиң бири болыўы керек.

Илажда институт ҳәм республикалық көлемде өткерилген таңлаўлар, жарыслар, стипендиялар жеңимпазлары, талантлы студентлер салтанатлы түрде сыйлықланды.

Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.