ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

АРАЛ ТЕҢИЗИ ҚУРЫЎЫНЫҢ АҚЫБЕТЛЕРИН САПЛАСТЫРЫЎ МҮМКИН БЕ?

БМШтың қәўендерлигинде 2018-жыл 28-ноябрь күни Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды дүзилди.

 

Жуманазар БАЗАРБАЕВ,

академик

 

1993-жылы Арал апатшылғы менен гүресиў мақсетинде Орта Азия мәмлекетлериниң халықаралық қоры дүзилген еди. Енди Арал теңизи қурыўының кери ақыбетлерин тоқтатыў ушын дүньяның барлық мәмлекетлери бас қоспақта. Бул саўаплы искеБМШтың өзи бас болып атырғаны және де әҳмийетли.

Бундай ийгиликли ис Президентимиз Шавкат Мирзиёев жүргизип атырған дана сиясаттың нәтийжеси болып табылады. Мәмлекетимиз басшысы Арал қурыўының унамсыз тәсиририн жумсатыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша пүткиллей жаңа, төртинши стратегияны усыныс етти.

Стратегияның мазмунына бола, инсанияттың ой-пикири ҳәм аўызбиршилигинде Аралдың қурып қалған бөлегин тоғайзарлар менен қаплаў арқалы зәҳәрли шаң-тозаңларды бастырыў ҳәм адамзатты аўыр апатшылықтан қутқарыў болып табылады. Бул дүнья жәмийетшилиги менен биргеликте әмелге асырылатуғын, бәршеге бирдей нәтийжели жойбар екени менен кеңнен тән алынды.

Сондай-ақ, БМШтың жоқары минберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың баянат жасаўы тарийхта сирә бақланбаған ҳәдийсе болды. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң мәртлиги ҳәм күш салыўы менен Қарақалпақстан Республикасы басшысы мәжилиске қатнасып, Арал апатшылығының ақыбетлерин пүткил дүньяға түсиндирди.

БМШтың жоқары минберинде турып атап өтилгениндей, Өзбекстанда Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў ушын кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўирде Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен Аралбойы аймағын, сондай-ақ, Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша арнаўлы қарарлар қабыл етилди. Усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери Президентимиз Қарақалпақстанда, соның ишинде, экологиялық апатшылық орайы есапланған Мойнақ районында болды. Бул сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша еки жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилип, онда улыўма нырқы 1,5 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы 793 жойбар әмелге асырылатуғын болды.

Арал теңизи жақын өтмиште үлкенлиги бойынша дүньяда төртинши көл болып, флора ҳәм фауна дүньясы оғада бай еди. Бүгинги күнде теңиз жансыз ҳәм биологиялық тири организмлер жасаўы ушын жарамсыз ҳалға келип қалған. Арал теңизиниң қурыған ултанында 5 миллион гектардан аслам майданда зәҳәрли пестицидлер менен тойынған қумлы-дузлы саҳра пайда болған.

Аймақтың 40 процентке жақын халқы ишимлик суўы сыпатында жер асты суўынан пайдаланады. Қубырда тартылған таза ишимлик суўының қурамындағы дуз муғдары жәҳән стандартларынан 10 есе көп. Экологиялық апатшылық ақыбетинде дем алыў жоллары кеселликлери жылдан-жылға артып бармақта. Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, туберкулёз бенен кеселлениў көрсеткиши 100 мың адамға 50 ден туўра келсе, бул эпидемия болып есапланады. Қарақалпақстанда болса бул көрсеткиш 78 ди қурайды.

Буннан тысқары, кем қанлық, онкология ҳәм басқа да кеселликлер де көбейип бармақта. Қарақалпақстанда нәрестелер өлими орташа көрсеткиштен еки есе жоқары. Аналар өлими бойынша да усындай ашынарлы жағдай.

Экологиялық апатшылық ақыбетинде ҳәр 4-5 жылда аймақта суў тамтарыслығы жүзеге келип, ол 2-3 жыллап даўам етпекте. Бул пүткил агросанаат комплексине, соның шинде, аўыл хожалығы, шарўашылық, балықшылық, аўыл хожалығы өнимлерин санаатта қайта ислеў ҳәм басқа да тараўларға тәсир етпекте. Ең ашынарлысы, бул жумыссызлық дәрежесиниң артыўына, халықтың жумыс излеп өз туўылған жерин таслап кетиўине – сыртқы миграция артыўына себеп болмақта.

Апатшылық көлеми сол дәрежеде үлкен, оның ақыбетлерин тек ғана халықаралық жәмийетшиликтиң белсенди қатнасыўы менен сапластырыў мүмкин. Мине усындай ийгиликли ислерге бас болып атырған БМШ хаткери Антониу Гутерриштен халқымыз миннетдар.

Бас хаткер 2017-жылдың июнь айында Мойнақ районына әмелге асырған сапары ўақтында Арал экологиялық апатшылығының аянышлы ақыбетлерин өз көзи менен көрип гүўасы болды.

Қарақалпақстан халқы Аралбойы аймағы ушын Траст фонды дүзилгенин қуўаныш пенен күтип алды. Фонд Аралбойында жасайтуғын көп санлы халықтың жасаў шараяты жақсыланыўына жәрдем беретуғыны гүмансыз. Әне усындай ийгиликли ислердиң басламашысы Президентимиз Шавкат Мирзиёевти пүткил қарақалпақ халқы дуўа етпекте.

 

ӨзА