Шет тиллери факультетинде жоқары билимлендириў системасындағы соңғы жаңалықлар ҳәм өзгерислерди түсиндириў бойынша семинар болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен қабыл етилип атырған буйрықлардың орынланыўын тәмийинлеў, жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында үгит-нәсиятлаў, түсиндириў мақсетинде әмелий жумыслар алып барылмақта.
Институттың шет тиллери факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары арасында министрликтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлердиң билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў системасы ҳаққындағы уставты (режени) енгизиў ҳаққында»ғы, «Жоқары оқыў орнының ең жақсы педагогы» таңлаўының республикалық басқышының жуўмақлары, сондай-ақ, «Жоқары билимлендириў мәкемеси профессор-оқытыўшылар қурамының оқыўлық жүклемеси және оқыўлық-методикалық, илимий-изертлеў ҳәм «устаз-шәкирт» жумысларын белгилеў қағыйдалары ҳаққында»ғы буйрықларының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилип, тараўдағы жаңалықлар менен толық таныстырыў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда факультет деканының оқыў ислери бойынша орынбасары Н.Жалғасов, инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы К.Бабажанова, рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы Э.Ешниязовалар жоқарыда аталған буйрықлардың бәнтлери ҳәм усы тийкарда алдағы ўақытта басшылыққа алынатуғын ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиник берди.
Илаж профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың сораў-жуўаплары ҳәм өз ара пикир алмасыўлары менен даўам етти.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.