Факультетлер арасында «Заковат» интеллектуал ойыны болып өтти
Институттың шет тиллери факультетиниң мәжилислер залында институтымыздың барлық факультетлеринде оқып атырған студент-жаслар арасында «Заковат» интеллектуал ойыны болып өтти.
Институттың «Зыялы жаслар» клубы тәрепинен шөлкемлестирилген ойынның баслы мақсети студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды китапқумарлыққа бағдарлаў болып есапланады.
Қызықлы өткен ойын жуўмағына бола филология факультетиниң «Пентагон» командасы 1-орынды ийеледи. 2- ҳәм 3-орынлар сәйкес түрде тарийх-география ҳәм химия-биология факультетлери командаларына несип етти.
Жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.