ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде «Математика – илимлер патшасы» атамасында таңлаў болып өтти

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 1-курс студентлериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, оларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Математика – илимлер патшасы» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди.

Таңлаў математика бойынша дүзилген ҳәр қыйлы шәртлерден ибарат болды. Таңлаў жуўмағына бола жеңимпазлар анықланып, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.